Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында 21-сентябрь күни өсимликлер карантини тараўындағы реформалардың нәтийжелилигин додалаўға бағышланған мәжилис өткерилип, экспортқа көмеклесиў, сырт еллер менен келисимлер дүзиў, өсимликлер клиникасын ҳәм биолабораториялар шөлкемлестириў бағдарындағы кең көлемли жумыслар менен бир қатарда өним жетистиретуғын, комплектлеўши ҳәм экспорт етиўши ҳәр бир кәрханаға карантин инспекторларын бириктириў, «атыздан экспортқа шекем» принципи бойынша толық ислесиўди тәмийинлеў бағдарында ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы тәрепинен бул көрсетпелер бойынша экспорт етиўши ҳәр бир кәрханаға агроном-инспекторлар бириктирилди.

Усы жылдың 16-октябрь күни Нөкис районындағы «Биогумус» фермер хожалығы тәрепинен 17 тонна 920 килограмм кептирилген   помидор өними Франция мәмлекетине экспортқа шығарылыўдан алдын агроном-инспекторлар тәрепинен карантин тексериўинен ҳәм инспекцияның Көшпели лабораториясында  лабораториялық тексериўлерден өткерилди.

-Экспортқа шығарылып атырған өним жәҳән базарлары талапларына жуўап беретуғын фитосанитар таза өним болыўы шәрт,-дейди Нөкис районы агроном-инспекторы Аманбай Айтбаев. – Биз агроном-инспекторлар усы  өнимлерди атыздан экспортқа шекемги дәўиринде зыянлы организмлерден қорғаў илажларын алып барамыз. Яғный, өним  жетистириў ҳәм  кептириў дәўири, сондай-ақ, өнимди комплектлеў басқышларында оның фитосанитар тазалығы тексериўден өткериледи ҳәм фитосанитарлық сертификатлар рәсмийлестирилгеннен соң экспортқа шығарыўға рухсат етиледи.

Егерде өнимди жетистириў ҳәм кептириў  дәўиринде зыянлы организмлер анықланса, лабораториялық жуўмаққа тийкарланып зыянкеске қарсы гүресиў илажлары әмелге асырылады. Ал, бундай жағдай комплектлеў дәўиринде жүз берсе, экспорт тоқтатылады.

– Эспортқа шығарылыў алдында турған кептирилген  помидор өниминен белгиленген стандарт бойынша үлгилер алып, лабораториялық тексериўден өткерилди ҳәм онда ҳеш қандай зыянлы организмлер анықланбады,-дейди инспекцияның жетекши агроном-фитопотологи Сулыўхан Мадреймова. – Тийкарынан помидор өниминде помидор күйеси зыянкеси ушырасыўы мүмкин. Бул зыянкес помидорды жетистириў ҳәм қақлаў дәўиринде пайда болыўы ҳәм өнимде раўажланыўы  мүмкин.

Сонлықтан, биз лаборатория хызметкерлериниң тийкарғы хызмети, экспортқа шығыў алдында турған өнимниң фитосанитарлық жағдайын тексериў арқалы, экспортқа зыянланбаған таза өнимлердиң шығарылыўын тәмийинлеўден ибарат.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги