Бүгин ҳәм шемби, екшемби күнлери қубла аймақлардан қурғақ және ыссы ҳаўаның кирип келиўи даўам етеди, ҳаўа райы алағат бултлы болады. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар береди.

 

Ҳаўаның температурасы түнде 8-10 градус әтирапында, күндиз 23-25 градус болады. Бундай температура климатлық нормадан 4-5 градусқа жоқары болып табылады.

 

Өзбекстанда октябрь ортасының ҳаўа райы ҳәр қыйлы болады.

 

2012-, 2016- ҳәм 2018-жылларда усындай ўақытта түнде ҳаўаның температурасы салқын болып, күндиз 6-8 градусдан жоқарыға көтерилмеген.

 

2008-, 2010-, 2011-, 2017-жылларда октябрь айының ортасында ең ыссы ҳаўа райы бақланған – күндизги температура 28-30 градусқа көтерилген. Октябрьдиң усындай күнлери ушын максимал температура рекорды 32-34 градусты қурайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.