Усы жыл 15-октябрь күни Нөкисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 10-январьдағы «2020-2022-жылларда  Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған бағдарламаның Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы улыўма билим бериў мектеплеринде орынланыў барысына бағышланған мәжилис болып өтти.

«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген илажға қалалық ҳәм районлық Халық билимлендириў бөлимлериниң басшылары, сиясий партиялардың, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, қурылыс мәкемелериниң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов кирис сөз бенен ашты.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов 2020-2021- оқыў жылы ушын улыўма билим бериў мектеплерин жаңадан қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумысларының барысы туўралы мәлимлеме берди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 10-январьдағы «2020-2022-жылларда  Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында министрликке қараслы улыўма билим бериў мәкемелеринен 18 объект киргизилип, соннан 1 объектте жаңа қурылыс, 12 объектте реконструкция ҳәм 5 объектте капитал оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген болып, бул ушын 34 миллиард 469,2 миллион сум қаржы ажыратылды. Бүгинги күнге келип 33 миллиард 88,8 миллион сумлық жумыс көлеми орынланған. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 4-апрельдеги «Кризиске қарсы гүресиў қорының қаржылары есабынан 2020-жылда қосымша социаллық ҳәм инфраструктура объектлерин жеделлестириў ҳәм әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы мәжилис протоколы тийкарында  республикамыз бойынша жәми 14 объектте,  соның ишинде, 6 объектте реконструкция, 8 объектте капитал оңлаў жумыслары алып барылмақта. Бул жумыслар усы жылдың 1-ноябрине шекем толық жуўмақланады.

Президентимиздиң 2019-жыл 17-январьдағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманында жәмийетшилик қадағалаў арқалы ҳәр жылғы Мәмлекетлик бағдарламалар бәнтлериниң орынланыўын мониторинг етиў ҳәм оның нәтийжелерин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталары, Президент Администрациясы, Министрлер Кабинети  ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине турақлы түрде талланған мәлимлеме ҳәм усыныслар киргизип барыў «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң тийкарғы ўазыйпасының бири болып табылады.

Усы тийкарда Өзбекстан Республикасы «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы Нызамының 6-статьясына муўапық быйылғы жылғы Мәмлекетлик бағдарламаға киргизилген, реконструкция жумыслары мүддетинен кешиктирилип атырған Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 26 ҳәм 37-санлы, Тақыятас районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 12 ҳәм 13-санлы улыўма билим бериў мектеплериниң жағдайы үйренилип, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм қурылыс шөлкемлериниң басшыларының есабатларын жәмийетшилик ўәкиллериниң тыңлаўы шөлкемлестирилди.

Жоқарыда атап өтилген мектеплерде әмелге асырылып атырған реконструкциялаў жумысларының сапасы ҳәм жол қойылып атырған кемшиликлер слайдлар арқалы көрсетилди. Тийисли тараў басшылары бул кемшиликлердиң себеплери ҳәм оны сапластырыў илажлары бойынша өзлериниң пикирлерин билдирди.

Ҳәр қандай қурылыс басланбастан алдын сол аймақтағы пуқаралар жыйынларының баслықлары басшылығында депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери жойбарлары менен танысып, қурылысшылар менен пикирлесип, алдағы режелери ҳәм тапсырылыў мүддети менен қызықсынып барса, мақсетке муўапық болар еди. Деген менен, орынларда бундай жумыслар исленип атырған жоқ. Усындай жәмийетлик қадағалаў болмағанлықтан айырым қурылыс жумыслары сапасыз ҳәм мүддетинен кешиктирилип тапсырылмақта.  Буны жоқарыда атап өтилген төрт улыўма билим бериў мектеби мысалынан да көриўимизге болады.

-Тийкарғы мақсетимиз, Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын жәмийетлик қадағалаў тийкарында үйрениў, сол арқалы жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыўдан ибарат,-дейди «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Тажибай Романов.-Алдағы ўақытлары басқа тараўларда да усындай жәмийетлик қадағалаў өткерилип, оның жуўмағы бойынша тийисли уйымлар хабардар етип барылады.

Илажда жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм алдағы ўақытлары болдырмаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы