Россиялы илимпазлардың мағлыўматларына қарағанда, усы жылдың 20-29-октябрь күнлери 9 күн даўамында магнит боранлары бақланады.

 

Илимпазлар 20-29-октябрь күнлери магнит боранлары болыўын болжады. Бул ҳаққында Росгидромет хабар берди.

 

Хабарда жазылыўынша, 20-24-октябрь ҳәм 27-29-октябрь күнлери магнит майданының тынышсызланыўы төмен дәрежели, 25- ҳәм 26-октябрь күнлери орташа болыўы мүмкин.

 

Октябрь айының басында Илимлер академиясы Қуяш физикасы институты Рентген астрономиясы лабораториясының қәнигелери бир ҳәпте даўамында магнит боранлары бақланыўы ҳаққында хабар берген еди.

 

Магнит боранларының классификациясында 5 дана G1-G5 дәреже болып, төмен дәрежели боран – энергия системаларының ислеўинде киши үзилислерди келтирип шығарыўы ҳәм қуслар және ҳайўанлардың көшиўине тәсир етиўи мүмкин.

 

Күшли боранлар болса қысқа толқынлы байланыс ҳәм навигациялық системалардың ислемей қалыўына, сондай-ақ, санаат тармақларында электр энергиясының үзилиске түсиўине алып келеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.