Мектепке шекемги билимлендириў системасын реформалаў процесинде балаларды мектепке шекемги билимлендириўге толық қамтып алыўды тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте республикамыздағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң имаратлары бириниң изинен бири қурылыс-оңлаўға тапсырылмақта. Жақында олардың қатарында ири оңлаўдан шыққан Мойнақ районындағы «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды.

Заманагөй имарат 80 балаға мөлшерленген болып, олардың сапалы тәрбия ҳәм билим алыўы ушын зәрүрли қолайлықлар жаратылған.

Соны да атап өтиў керек, республикамызда мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм ири оңлаў жумыслары елимиздиң билимлендириў системасында алға қойылған мақсетлерди әмелге асырыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги