«Facebook Inc.» компаниясы өзиниң усы атамадағы социаллық тармағында адамларды вакцинация илажларына қатнасыўдан қайтарыўға шақырыўшы рекламалар жайластырылыўының қадаған етилиўин мәлим етти.

«INTERFAX.RU» хабарында айтылыўынша, компанияның усы қарары пандемия дәўиринде вакцинация ҳаққындағы жалған хабарлар тарқалып кетиўине қарсы гүресиў мақсетинде шығарылған.

Оған шекем социаллық тармақ мәнзилине тап усы бағдардағы жалған хабарларды тоқтата алмағанлығы бойынша бир қатар унамсыз пикирлер билдирилген.

«Facebook» компаниясы тез күнлерде өз тармағы ҳәм «Instagram»ның усы темадағы рекламалардан тазаланыўына ўәде берди.

 

ӨзА