Төрткүл районында қаракөлшилик кластерин шөлкемлестирип атырған интакерлер  менен ушырасыў өткерилди. 

Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары С.Хожаметов, Өзбекстан Республикасы Пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти раўажландырыў комитети  баслығының биринши орынбасары  Б.Юсупов, район ҳәкими Р.Шамуратов ҳәм басқа да исбилермен шарўалар  қатнасты.

Ушырасыўда  бүгинги күнде қаракөлшилик тараўында қабыл етилип атырған Президент қарарлары, әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси кең түрде түсиндирилди.

Районда шөлкемлестирилген «To’rtku’l qarako’l klaster»  жуўапекершилиги шекленген жәмийетинде 30 адам жумыс ислейди. Олар ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Район ҳәкиминиң қарары тийкарында бул қаракөлшилик кластерине  496  мың  гектар жайлаў жерлери ажаратылды.

Ушырасыў қатнасыўшылары кластердиң жумысы менен жақынан танысты. Бул жерде жүннен таярланатуғын аяқ кийимлер ислеп шығарыў жолға қойылған болып, қайта исленген өнимлерди келешекте  Россия Федерациясына экспорт етиў режелестирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги