Экологиялық жағдайы қурамалы болған регионларда инвестициялық бағдарламалар шеңберинде шөлкемлестирилип атырған жумыс орынларын есапқа алған ҳалда, 2020-2021-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына кириў ушын өткерилген тест сынақларында топлаў мүмкин болған максимал баллдың 30 процентинен жоқары балл топлаған Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларында турақлы жасаўшы абитуриентлерге Қарақалпақстан Республикасындағы медициналық тараўлардан басқа қәнигеликлер бойынша жоқары оқыў орынларына квотадан тысқары оқыў қәрежетлерин толық қаплайтуғын муғдардағы төлемли контракт тийкарында оқыў имканияты бериледи. Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң 2020-жылы 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына сапары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясында тийисли илажлар жобасы ислеп шығылған ҳәм 73-санлы мәжилис протоколы қабыл етилген. Бул ҳаққында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қабыллаў комиссиясының Телеграм каналында хабар берилди.

 

Хабарда жазылыўынша, ҚМУға кириў тест сынақларында қатнасып, улыўма топлаў мүмкин болған максимал баллдың (189 балл) 30 процентинен жоқары балл топлаған Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларында турақлы жасаўшы абитуриентлер ушын ariza.ekarsu.uz системасы арқалы өзлериниң арзаларын рәсмийлестириў мүмкиншилиги жаратылған.

 

Мағлыўмат ушын, квотадан тысқары оқыў қәрежетлерин толық қаплайтуғын муғдардағы төлемли контракт тийкарында оқыйтуғын студентлер оқыўды питкергеннен кейин сол аймақларда кеминде 5 жыл жумыс ислеўи белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.