ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Ҳаяллар қанаты» тәрепинен «Исбилермен ҳаял – 2020» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилип, таңлаўдың район (қала)лық басқышларында жеңимпаз болған 17 исбилермен, фермер ҳәм өнермент ҳаял-қызлар өз-ара беллести.

Олар тәрепинен таярланған ҳәм ислеп шығарылған өнимлердиң презентациялары өткерилди. Төрешилер қурамы тәрепинен ҳәр бир қатнасыўшының жумыслары, билим дәрежеси, экспортлық ҳәм импортлық мүмкиншиликлери, өнимлериниң қарыйдар талаплығы, жаратқан жумыс орынлары, ҳуқықый билимлери, партия ҳәм жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги, ҳәзирги пандемия шараятында алып барған қайыр-сақаўатлық илажлары, алдағы режелери терең үйренилип, таңлаў шәртлерине бола баҳалап барылды.

Таңлаўда Шымбай районындағы «Ақылбекова Гүлнар» фермер хожалығының баслығы Г.Ақылбекова биринши орынды ийелеп,  таңлаўдың Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.

Тақыятас районындағы «Текстил Дилором» жеке кәрханасының баслығы Д.Сабирова ҳәм Кегейли районындағы «Арзыў» фермер хожалығының баслығы П.Салиевалар екинши, Хожели районындағы «Зүлфия-Асаматдин» фермер хожалығының баслығы З.Асаматдинова, Шоманай районындағы «Шоманай-Шәменай» ЖШЖ баслығы Ш.Юсупбаева ҳәм Қанлыкөл районындағы «Қанлыкөлли Тазагүл» ЖШЖ баслығы Т.Төремуратовалар үшинши орынды ийеледи. Буннан басқа және бес қыз арнаўлы номинациялар бойынша жеңимпаз болды.

Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги