БМШ Бас Ассамблеясының 2007-жыл 18-декабрьдеги «Аўыл аймақларында ҳаяллардың жағдайын жақсылаў» ҳаққындағы резолюциясына тийкарланып, 15-октябрь Халықаралық аўыл ҳаяллары күни деп жәрияланған.

БМШ усы күнде аўыл аймақларында жасайтуғын ҳаял-қызлардың машқалаларына итибар қаратыўға, атап айтқанда, олардың билим алыўы, мийнет етиўи, абат турмыста жасаўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, зорлық ҳәм қыйынаўлардан қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеўге шақырады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги