«Раўажланыў стратегиясы» орайы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳуқықлары бойынша  ўәкилиниң (омбудсман) орынбасары – Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил менен Меморандумға қол қойыў мәресими болып өтти.

– Бул Меморандумға қол қойылыўының бүгинги тарийхый күн – Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясында Өзбекстан БМШ Инсан ҳуқықлары  бойынша кеңесине көпшилик даўыс пенен сайланғаны ҳаққындағы хошхабар тарқалған сәнеге туўра келиўинде де өзине тән мазмун-мәнис бар, – деди «Раўажланыў стратегиясы» орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляков. – Бала ҳуқықлары инсан ҳуқықларының ең тийкарғы әҳмийет қаратыў зәрүр болған ажыралмас структуралық бөлими болып есапланады. Кейинги ўақытларда Өзбекстанда бул тараўда әмелге асырылып атырған бир қатар илажлар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен де орынлы түрде атап өтилмекте.

Соның ишинде, миллий нызамшылығымызға имплементация етилген БМШтың Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясының қағыйдаларына қатаң бойсынылып атырғаны, ер жетпегенлердиң ҳуқық-мәплери тараўындағы нызамшылық тийкарлары халықаралық стандартлар талаплары тийкарында беккемленип атырғаны, бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлери әмелде тәмийинленип атырғаны усылардың қатарына киреди.

Меморандумға қол қойыўдан мақсет болса, мәмлекетимизде бала ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў және халықтың бала ҳуқықлары тараўындағы жәмийетлик ой-пикирин арттырыўға жәрдем бериў, бала ҳуқықларын қорғаў илимий институтларының ролин буннан былай да күшейтиў, бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўде мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң өз-ара бирге ислесиўин және де кеңейтиў болып есапланады.

– Мәмлекетимиз халқының 40 проценттен асламын 18 жасқа шекемги  балалар қурайды,  деди Олий Мажлис Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң (омбудсман) орынбасары – Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил Алия Юнусова. – Өзбекстан инсан ҳуқықлары тараўындағы 70 тен аслам халықаралық шәртнамаға ағза болған, мәмлекетимизде бала ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм қорғаў тараўында беккем миллий ҳуқықый база да жаратылған. Биз өз жумысымызда бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин мәмлекет тәрепинен қорғаў кепилликлерин тәмийинлеў, қорғаў механизмин жетилистириў, балалар ҳәм олардың нызамлы ўәкиллери арасында түсиник жумысларын алып барыў, мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, жергиликли ҳәкимият уйымлары, жәмийетшилик ҳәм басқа да мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысларына жәрдем бериў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў сыяқлы мәселелер менен шуғылланамыз.

Буннан соң «Раўажланыў стратегиясы» орайының басшысы ҳәм Олий Мажлис Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң (омбудсман) орынбасары – Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы Меморандумға қол қойды.

Бул ҳүжжетке бола, Хәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың мазмун-мәнисин, атап айтқанда, пуқаралар және мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң қатнасыўында балалардың ҳуқық-еркинликлерин исенимли қорғаўды буннан былай да күшейтиўге қаратылған үгит-нәсиятлаў илажларын әмелге асырыў және тараўға байланыслы нызамшылықты және де жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў, бирге ислесиўде конференция, семинар-тренинг, дөгерек сәўбетлерин ҳәм басқа да усы сыяқлы илажларды шөлкемлестирип барыў нәзерде тутылған.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы