Ҳиндстанда технология иниститутының илимпазлары коронавирустан қыйналып атырған наўқаслардың жағдайын жақсылаўда жәрдем беретуғын элементти излеп 30 дәм бериўши шөпти үйренип шықты. Мынаған итибар бериң, бурыш коронавируста да шыпалы қәсийетке ийе екен.

Бул өнимниң қурамында пиперин атамасындағы элемент бар. Изертлеў нәтийжелерине бола, бул элемент коронавирустың көбейиўине ҳәм вирустың организмге түсиўине жуўапкер бөлекшелери менен байланысқа кирисип, олардың белсендилигин төменлетеди.

Авторлардың анықлаўынша, пиперин муғдары бурыштың түрине байланыслы. Бул элемент, әсиресе, Шри-Ланка бурышында көп (15 процент). Въетнам, Ҳиндстан ҳәм Малайзия бурышында 2 проценттен 7 процентке шекем бар. Бирақ пиперин кислород пенен байланысқа кирискенде майдаланып кетеди. Сонлықтан бурыш қурамында бул элемент дерлик қалмайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги