Президентимиздиң басламасы менен быйылғы оқыў жылынан баслап ҳаял-қызлардың жоқары билим алыў имканиятын кеңейтиў мақсетинде 4 процентлик мәмлекетлик грант тийкарында квота ажыратылғаны елимизде ҳаял-қызлар ушын үлкен имканият болды.

Усы тийкарда Қараөзек районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў  бөлими тәрепинен 81 ҳаял-қыздың мүрәжатлары  көрип шығылып, оларға усыныснамалар берилди. Районнан усы имканият тийкарында 5 ҳаял-қыз жоқары балл топлап, студентлер қатарына қабылланды.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан медициналық институтына еки, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине үш ҳаял-қыз  мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди.

– Елимизде ҳаял-қызлардың жоқары билимге ийе болыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар олардың кәсип-өнерге ийе болыўы, өмирде өз орнын табыўына имканият жаратпақта,- дейди   Қарақалпақстан медициналық институтының студенти Гүлназ Турабаева. Кешкене ўақтымнан баслап шыпакер болыўды әрман еткен едим. Халқымызға сапалы медициналық хызмет көрсетиў ушын терең билим алып, елимизге аянбай хызмет етемен. Бундай жаратылған имканияттан миннетдарман.

Жоқары оқыў орнына қабылланған 5 ҳаял-қызға районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў  бөлими тәрепинен таярланған сертификат ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы