2020-жыл 22-октябрьден 20-ноябрь күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы телефон тармақларында 9 ханалы номер системасына өтиў жумыслары алып барылады. Бул ҳаққында «Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикалық филиалы хабар берди.

 

Сол себепли, ҳәзирги ўақытта абонентлердиң терилип атырған номери алдына қосымша түрде сол аймақтың коды қосып териледи.

 

Яғный, алдын 222-хх-хх етип терилген болса, бул жаңа номерде Қарақалпақстанның телефон тармақлары коды менен қосып териледи: 61 222-хх-хх.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.