Жоқары оқыў орынларындағы шәртнама (контракт) баҳалары жәрияланды. Усы жерде салық төлеўшилерде әмелдеги нызамшылықта контракт төлемине өткерилетуғын дәраматларға жеңиллик барма?, деген  орынлы сораўлар пайда болады.

Өзбекстан Республикасы Салық кодекси 378-статьясының 16-бәнтине муўапық, салық уйымларына декларация тапсырыў арқалы контракт төлеминде салық шегирмесинен пайдаланыў мүмкин.

Яғный, жоқары оқыў орынларында (өзиниң, 26 жасқа толмаған перзентлериниң ямаса күйеўиниң (ҳаялының) оқыўы ушын төлем әмелге асырылғанда, шәртнама бойынша төленген бөлеги дәрамат салығынан азат етиледи.

Оқыў ушын төлем төмендегилер есабынан әмелге асырылғанда салық жеңиллиги бериледи:

  • өз қәрежетлери;
  • физикалық тәрепке коммерциялық банклер тәрепинен берилген тәлим кредитлери;
  • юридикалық тәреплерден физикалық тәреплерге қайтарыў шәрти менен берилген қаржылары (ссудалар).
  • төлем айлық мийнет ҳақысынан емес, бийғәрез әмелге асырылғанда, салық уйымларына жәми жыллық дәрамат ҳаққындағы декларацияны тапсырған ҳалда салық жеңиллигинен пайдаланыў мүмкин.

Бунда, салық жеңиллиги ЖООда оқыў ушын ҳақыйқатында да әмелге асырылған қәрежетлер суммасына, салық дәўири ушын көрсетилген физикалық тәрептиң жәми жыллық дәраматы муғдарында бериледи.

Салық жеңиллигине болған ҳуқықты тастыйықлаў ушын төмендеги ҳүжжетлер тапсырылады:

  • студент пенен жоқары оқыў орны арасында төлемли-контракт тийкарында оқытыў ҳаққында дүзилген шәртнаманың нусқасы;
  • коммерциялық банк пенен тәлим кредитин алыў ушын дүзилген шәртнама (шәртнамалар)ның нусқасы;
  • жоқары оқыў орынларының есап бетине төлем қаржыларын бийғәрез төлегенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң нусқасы;
  • паспорт нусқасы ҳәм студенттиң туўылғанлық ҳаққындағы гүўалығының нусқасы.

Салық жеңиллиги мәмлекетлик салық хызмети уйымлары арқалы физикалық тәрептиң жәми жыллық дәраматы ҳаққындағы декларацияны тапсырыў арқалы ҳәм салық төлеўшиниң жазба арзасына тийкарланып төлем дәрегинде – жумыс бериўши тәрепинен де берилиўи мүмкин.

Еслетип өтемиз, жәми жыллық дараматыңыз ҳаққындағы декларацияны салық инспекциясына барып ямаса почта арқалы буйыртпа хатта жибериў ямаса салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы электрон түрде тапсырыўыңызға да болады. (https://my.soliq.uz/fizdecl/index?user_type=1)

Қосымша сораўларыңызды  социаллық тармақлардағы  http://t.me/saliqqa_murajat_bot мәнзилине жолласаңыз болады.

Каналға ағза болыў: https://t.me/qrmsb

Telegram (http://t.me/saliqqa_murajat_bot)

Салыққа мүрәжат

ҚР МСБ мүрәжат @saliq_murajat_bot мәнзили (дүйшемби-жума күнлери аралығында) саат 09:00 дан 18:00 ге шекем жумыс ислейди.

 

Мәмлекетлик салық басқармасының мәлимлеме хызмети.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги