Нөкис қаласында жасайтуғын Г.М. еки пуқараның исенимине кирип, биреўин университетке, екиншисин институтқа оқыўға киргизип беремен, деп 3 000 доллар пулын алған ўақытта усланды.

 

ӨзАның «Ғәрезсизлик ҳәм нызам» газетасына тийкарланып хабар бериўинше, алдаўшылықта гүман етилип атырған Г.М. пуқара Г.Х.ны Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң химия бағдарына, және бир пуқара М.К.ны болса Қарақалпақстан медициналық институтының стоматология бағдарына ҳәр бирин 1 500 долларға киргизип бериўди ўәде еткен ҳәм екеўинен 3 000 долларды алған ўақтында усланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.