Бүгинги күнде Жаңа Өзбекстанда Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында мектепке шекемги билимлендириўден баслап, барлық басқышларда жүргизилип атырған реформалар, енгизилип атырған инновациялық технологиялар мәмлекетимиз келешеги менен тиккелей байланыслы екенлигин терең аңламақтамыз.

Соңғы 3-4 жылда перзентлеримизге сапалы билим бериў оларды жоқары мағлыўматлы, ең тийкарғысы өндирис ушын керекли кадрлар етип тәрбиялаў бағдарында бурын көрилмеген жаңалықлар енгизилмекте.

Президентимиздиң 1-октябрь муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен шығып сөйлеген сөзи билимлендириў тараўында әмелге асырыўымыз тийис жумысларымыздың саныда салмағыда үлкен екенлигин көрсетти.

Мәмлекетимиз басшысы бул шығып сөйлеўин барлық билимлендириў системасы хызметкерлерине, барлық зиялыларға жолланған мүрәжат деп қабыллаўды атап өтти.

Уллы мәмлекетлик ғайраткер Индира Гандидиң «Бир қыз баланы оқытсаңыз, пүткил шаңарақты оқытқан боласыз», деген сөзлерин мысал келтирип, быйылғы жылы аўыллық жерлерде жасап атырған, кем тәмийинленген шаңарақлардағы қызларымыздың жоқары оқыў орынларының күндизги бөлиминде мәмлекетлик грант тийкарында оқыўы ушын 940 орын ажыратылғанлығын келтирип өтти.

Мине усы тийкарда Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына быйылғы жылы 10 қыздың грант тийкарында тиккелей Президентимиздиң ғамқорлығы нәтийжесинде оқыўға қабылланыўы ҳаял-қызлар келешегине болған итибардың айқын көриниси болды.

Бүгин мәмлекетимизде Президентимиз атап өткениндей үшинши Ренессанс мәселесин стратегиялық ўазыйпа сыпатында алдымызға қойып, оның миллий идея дәрежесине көтерилип атырғаны, пүткил педагог – зыялыларымыздың қәлбинде жаңаша ояныў сезимин пайда етпекте.

«Биз мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мектеп билимлендириўи, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасы және илимий-мәдений мәкемелерди болажақ Ренессанстың төрт байланысқан шынжыры, деп билемиз. Бақша тәрбияшысы, мектеп муғаллими, профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий-дөретиўши зыялыларымызды болса жаңа Ояныў дәўириниң төрт таяныш тиреги, деп есаплаймыз.

Ҳүрметли ата-аналар бул басламаны әлбетте, қоллап-қуўатлап, жаңа Ренессанстың бесинши шынжыры, бесинши тиреги болады, ҳәм бул руўхый-ағартыўшылық турмысымыздағы ең беккем тирек болады» деген қанатлы сөзлер, елимиз ҳәм перзентлеримиз келешегине бийпарық болмаған ҳәр бир инсанға үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Президентимиз тәрепинен билдирилген «Жаңа Өзбекстанның босағасы мектептен басланады» деген оғада әҳмийетли пикир, халқымызда қанаатланыўшылық, ал муғаллим-устазлар қәлбине жыллы меҳир болып кирип келди десек алжаспаған боламыз.

Сондай-ақ, мектеплер менен жергиликли Кеңеслердиң бирге ислесиў системасын жаңадан жолға қойыў ҳаққындағы пикирлер, мектеп билимлендириўи – халық ўәкиллери қадағалаўында болатуғынлығынан дәрек береди.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир ўәлаят, қала ҳәм район ҳәкимлери ҳәптеде бир күнин мектепке ажыратыўы кереклигин атап өтип «Мектеп машқаласына биринши дәрежели мәселе деп қараўымыз лазым. Мектеп ­ тек билим беретуғын дәргай емес, бәршемиз ушын жоқары мәнаўият бесигине, перзентлеримизди балалықтан баслап кәсипке үйретиўши дәргайға айланыўы зәрүр» деген оғада әҳмийетли пикирди ортаға таслады.

Әлбетте, бул процессте елимизде билимлендириў системасын жоқары шоққыларға көтериўде Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясының көп санлы белсендилери ҳәм депутатлары, өз белсендиликлерин аямайды деп исеним билдиремен.

   

 Улбосын Сейтжанова,

 Нөкис қалалық Кеңеси депутаты,

 НМПИдиң Баслаўыш тәлим факультети деканы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги