Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң усы жыл 2-октябрьдеги республикамызға сапарынан соң Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Н.Хусанов Шымбай районын социаллық-экономикалық комплексли раўажландырыў бойынша жуўапкер  сыпатында бириктирилген еди.

Соның менен бирге, Шымбай районын социаллық-экономикалық комплексли раўажландырыў бойынша үйрениў штабы шөлкемлестирилди. Өткен дәўир даўамында пуқаралардың пикир-усыныслары тыңланып, республика ҳәм район шөлкемлериниң қәнигелеринен ибарат 21 киши жумысшы топар дүзилип, райондағы 21 пуқаралар жыйынларында үйме-үй жүрип үйрениў жумысларын алып барыў системасы жолға қойылды. Райондағы коммуналлық шөлкемлер, коммерциялық банклер ҳәм тийисли жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте 3 мыңға шамалас шаңарақ үйренилип, пуқаралар тәрепинен билдирилген машқалалар системалы түрде өз ўақтында шешим табыўы ушын тийисли режелер ислеп шығылды.

Усы жыл 12-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң орынбасары Н.Якубовтың басшылығындағы жумысшы топар ҳәм тийисли қәнигелер Шымбай районындағы «Гүжимли», «Жипек жолы», «Көкши қала», «Дослық», «Шахтемир», «Абат мәкан», «Бердақ», «Оржап» МПЖ ҳәм «Кеңес», «Қостерек» АПЖ аймағында жасаўшы пуқаралар менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў даўамында 76 пуқараның мүрәжатлери көрип шығылды ҳәм 17 мүрәжат өз орнында шешимин тапты. Қалған мәселелердиң  шешими бойынша тийисли шөлкемлерге тапсырмалар берилди.

Соның ишинде, бәнтлик мәселелери ең әҳмийетли мәселелердиң бири сыпатында қаралмақта. Жыл ақырына шекем райондағы жеке қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыўы ушын «Темир дәптер»ге киргизилген 50 пуқараға ыссыхана қурыўы ушын 335 миллион сум, жеке дала қыйтақ жерлеринен пайдаланыўы ушын 130 жумыссыз пуқараға артезиан қудық және суўғарыў үскенелерин орнатыўы ушын 267 миллион сум ҳәм жаңадан 3 кооперация шөлкемлестирилиўи есабынан 150 жумыссыз пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў ушын 334,5 миллион сумлық субсидия қаржыларының ажыратылыўы бойынша келисип алынды.

Сондай-ақ, жумысшы топар «Қарақалпақ көмир» кәрханасына қараслы Шымбай районындағы брикет ислеп шығарыў цехында болып жумыслары менен танысты ҳәм жергиликли шийки затларға тийкарланып жумыс ислейтуғын қосымша жаңа жойбарларды ислеп шығыў бойынша пикир алысты.

Буннан тысқары жумысшы топар тәрепинен ҳәзирги ўақытта район шөлкемлери менен биргеликте бос турған имаратлар ҳәм жерлерди инвентаризациядан өткериў, ҳәрекет етпей турған 700 субъекттиң жумысын тиклеў, қосымша социаллық, спорт ҳәм мәдений инфраструктура объектлерин қурыў, район ҳәкиминиң 124 көшпес мүлк объектлерин қурыў бойынша жер ажыратыў ҳаққындағы қарарының орынланыўын үйрениў, райондағы оңланыўы талап етилип атырған жергиликли әҳмийеттеги 16 километр аралықтағы автомобиль жолларын ҳәм 71,3 километрлик ишки көшелерди оңлаў имканиятын үйрениў, сондай-ақ, коммерциялық банклер менен биргеликте қосымша 14, жәми 68 жаңа инвестициялық жойбарларды иске түсириў бойынша исбилерменлик субъектлерине кредит ажыратыў арқалы 668 жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў жумыслары әмелге асырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги