Өткен ҳәптеде Урал аймағынан кирип келген суўық ҳаўа ағымы тәсиринде ҳаўа райы салыстырмалы салқын болған еди. Елимиз аймағының көпшилик бөлегинде температура климатлық нормалардан 4-7 градусқа төмен болды.

 

«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, бүгин суўық ҳаўа республикамыз аймағынан шегине баслады. Температура күндиз 19-22 градусқа шекем көтерилсе де, бул көрсеткиш нормадан 2-3 градусқа төмен болып табылады.

 

Ҳәпте даўамында Өзбекстан аймағына қубла тәрептен қурғақ ҳәм ыссы ҳаўа ағымы кирип келеди.

 

Республикамыз бойлап ҳаўа райы алағат бултлы ҳәм жаўын-шашынларсыз өтеди.

 

Температура көтерилип, түнде 7-10 градус, күндиз 22-25 градус жыллы болады, бул климатлық нормалардан 2-4 градусқа жоқары болып есапланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.