Бүгин пайтахтымыздағы Президент мектебинде  «Қызларжан» оқыўшыызлар саммити ҳәм оның шеңберинде саламат турмысты ен жайдырыўға қаратылған «Жас заманласлар» семинар тренингиниң ашылыў мәресими болып өтти.

«Қызларжан» оқыўшы-қызлар саммитиӨзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм Мәлимлеме коммуникациялары ҳәм технологияларын раўажландырыў министрлиги менен ислеп шығылған биргеликтеги режеге муўапық усы жылдың 12-16- октябрь күнлери аралығында республикамызда «Жас заманласлар» бағдарламасы тийкарында  тренинглер өткериў режелестирилген.

Ондағы тийкарғы мақсет – оқыўшы қызлардың искерлигин арттырыў, қызлар арасында мәлимлеме-коммуникация тараўын өзлестириўди жақсылаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў арқалы саламат турмыс тәризин «Заманлас-заманласқа» принципи тийкарында үгит-нәсиятлаў, билимлендириў мәкемелеринде «Қызларжан» дөгереклериниң жумысын  жетилистириўден ибарат.

Буннан басқа да саммит даўамында «Өзбекстан жаслары-саламат турмыс тәризи тәрепдары»  атамасында тренинг өткериў де режелестирилген.

Онда оқыўшы-қызлар ушын «Саламат турмыс тәризи тийкарлары», «Репродуктивлик саламатлық ҳәм реподуктивлик ҳуқық», «Жеке гигиена» ҳаққында түсиниклер және презентациялар орын алған.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

 Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы