ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Жаслар қанаты»ның есап бериў-сайлаў конференциясы болып өтти. Конференцияға партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң хызметкерлери, район (қала)лық Кеңеслериниң «Жаслар қанаты» жәмийетлик Кеңеслериниң ағзалары ҳәм делегатлар қатнасты.

Конференцияда тийкарынан партияның «Жаслар қанаты» тәрепинен өткен еки жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде республикамыз бойынша партияның 50 мыңға шамалас ағзаларының 22 мыңнан асламын жаслар қурайды. Олар 988 басланғыш партия шөлкемлерине бириктирилген. Жасларды исбилерменликке тартыў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, жеңиллетилген кредитлер ажыратыўға жәрдем бериў, белсенди жасларды партия қатарына тартыў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Быйыл Жаслар парламентиниң шөлкемлестирилиўи жаслардың турмысындағы үлкен жаңалықлардың бири болды. Оған республикамыздан 5 жас ағза болды.

– Есап бериў-сайлаў конференциясында партияның «Жаслар қанаты» жумысларының жетискенликлери менен бирге жол қойылған қәте-кемшиликлер де сын көз-қараста додаланды,-дейди конференция қатнасыўшысы А.Камалбаев. – Атап-айтқанда, «Жаслар қанаты»ның «Жол картасы»нда белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар, бәнтлик ҳәм жумыссызлық, исбилерменликке кең мүмкиншилик жаратыў, жеңиллетилген кредит, жас кадрларды таярлаў сыяқлы мәселелер кең түрде додаланды. Қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Конференцияда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша «Жаслар қанаты» жәмийетлик Кеңесиниң қурамы тастыйықланып, Республикалық Кеңес конференциясына делегатлар сайланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги