Гүзде пандемияның ҳәўиж алыўы көпшиликти өз саламатлығына және де итибарлырақ болыўға шақырмақта. Ондай жағдайда иммунитетке унамсыз тәсир көрсетиўши өнимлерди аўқатлар дизиминен шығарып таслаў керек.

Россиялы шыпакер-эпидемиолог Ольга Ненастинаның сөзлерине бола, керексиз өнимлер дизимине фастфуд, қуўырылған тағам ҳәм консервалар киреди. Сондай-ақ, қан тамыр дийўалларына унамсыз тәсир көрсетиўши қантты да имканы болғанынша шеклеў зәрүр.

«Улыўма алғанда, консервалардан ўаз кешиў керек-қайта исленген санаат өнимлери азық-аўқатлық  қунға ийе болмайды. Қанттан нәпсини тыйыў керек, себеби ол бактериялардың өсиўине де, қан тамыр дийўалларының өткериўшеңлигине де унамсыз тәсир көрсетеди»,-деп түсиндиреди эпидемиолог.

Иммунитет ушын организмниң жетерли муғдарда витамин ҳәм минералларға тойыныўы зәрүр. Олар овощ ҳәм көк шөплерде бар. Аўқатлар дизимине балық, теңиз өнимлери, қус ҳәм сүт өнимлерин киргизиў пайдалы. Суйықлық ишиўди көбейтиў керек.

«Коронавирус тийкарынан кекселер ушын қәўипли. Соның ушын олардың аўқатлары дизиминде жетерли муғдарда углевод ҳәм витаминлер болыўы зәрүр. Қызыл гөшти көп жеў усыныс етилмейди. Бирақ ҳәптесине бир мәрте аўқатлар дизиминде, әлбетте, болыўы зәрүр»,-дейди шыпакер.

 

Қарақлапақстан хабар агентлиги