Халықтың пикири ҳәм өтинишлерин үйренип шыға отырып, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги жумыс күнлерин көбейтти.

 

Буннан былай ҳәр шемби күни саат 09:00 ден 15:00 ге шекем Мәмлекетлик хызметлер орайлары пуқараларымызға хызмет көрсетеди.

 

Бунда орайларда жумыс алып барып атырған 1-3 хызметкердиң күнлик жумыс сааты ықтыярлы тийкарда 8 сааттан 7 саатқа қысқартылып, хызметкердиң жумыс ўақтының нормал мүддети ҳәптесине 40 сааттан артық болмайды.

 

Ҳәр ҳәптеде хызметлерден пайдаланыўшылар ағымы анализленип барылады. Егер турақлы түрде шемби күни пуқаралардың орайларға келиўи бақланбаса, сол орайларда хызмет көрсетилмеўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.