Автомобильлердиң артқы қаптал айнасын тонировкалаў баҳасы арзанластырылып, базалық есаплаў муғдарының 5 есеси етип белгиленди. Артқы ҳәм алдынғы қаптал айналар бойынша тонировка баҳасы болса өзгермеди.

 

Ҳүкиметтиң 9-октябрьдеги тийисли қарары менен реңи өзгертилген (қарайтылған) айналы автотранспорт қуралларынан пайдаланыўды тәртипке салыў бойынша айрым өзгерислер киргизилди.

 

Атап айтқанда, М1, N1 ҳәм N2 категориясына киретуғын автотранспорт қураллары артқы қаптал айналарының реңин өзгертиўге (қарайтыўға) рухсатнама бериў ушын төлем ставкалары физикалық тәреплер ушын базалық есаплаў муғдарының 5 есеси (1 млн 115 мың сум) етип белгиленди. Буған шекем бул сумма базалық есаплаў муғдарының 10 есеси (2 млн 230 мың сум) еди.

 

Юридикалық тәреплерге артқы қаптал айнаны қарайтыў ушын төлем муғдары өзгермеген – базалық есаплаў муғдарының 10 есеси (2 млн 230 мың сум).

 

Сондай-ақ, артқы ҳәм алдынғы қаптал айналар бойынша реңин өзгертиўдиң төлем муғдары да алдынғыдай сақланып қалды, яғный физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын базалық есаплаў муғдарының 50 есеси (11 млн 150 мың сум) муғдарын қурайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.