Арқа Қазақстан аймақларынан салыстырмалы суўық ҳаўаның бир-бирине жақынласқан бөлимлери республикамыз аймақларына избе-из кирип келмекте.

 

«Өзгидромет»тиң мәлим етиўинше, бүгиннен баслап республика аймағына және суўық ҳаўа ағымы кирип келе баслады, күнниң биринши ярымында республикамыздың айрым аймақларында ҳаўаның температурасы кешегиден 4-6 градусқа төмен болды.

 

Усындай суўық ҳаўа ертең де республика бойлап даўам етеди. Түнде температура 3-6 градус, Қарақалпақстанда 0-3 градус суўық болыўы күтиледи ҳәм күндиз 13-17 градустан жоқары болмайды, бул нормадан 5-7 градусқа төмен болып есапланады.

 

Республикамыздың көпшилик бөлегинде бүгин ҳәм ертең қурғақ ҳаўа сақланып қалады.

 

Бүгин республикамыздың айрым жерлеринде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

 

Екшемби күни Өзбекстан аймағының көпшилик бөлегинде алағат бултлы ҳәм қурғақ ҳаўа райы болыўы күтилмекте. Түнде ҳаўаның температурасы 3-6 градус жыллы, Қарақалпақстанда 0-3 градус суўық, күндиз болса ҳаўа 18-20 градусқа шекем ысыйды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.