Усы жыл 9-октябрь күни Нөкисте босаған орынларға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларының қоспа мәжилиси болып өтти.

 Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз сөйледи.

Сайлаў кодексиниң 78-статьясына муўапық қоспа мәжилисти Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары М.Истамов ашты.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының гимнлери жаңлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў өткериўши 5, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў өткериўши 9 сайлаў округинде босаған орынларға усы жыл 20-сентябрь күни болып өткен  сайлаўлардың жуўмағына жоқары баҳа берилди. Соның менен бирге, Сайлаў кодексине муўапық босаған орынға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаў бойынша сайлаўды өткериў тәртип-қағыйдаларына тоқтап өтти.

Мәжилиске басшылық етиўге 31-санлы «Орта қала» сайлаў округинен депутат А.Давлетовти усыныс етти. Бул усыныс депутатлар тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Буннан кейин қоспа мәжилис жумысын тәмийинлеў ҳәм жүргизиў ушын жумысшы қурамы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалығына талабанлар көрсетиў бойынша Мәсләҳәт кеңеси, мәжилис секретариаты, есап-санақ комиссиясының ағзалары ашық даўыс бериў жолы менен сайлап алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларынан сайланған Мәсләҳәт кеңеси ағзаларының басқа бөлмеде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалығына босаған орынларға талабан көрсетиў бойынша мәжилиси болып өтти.

Мәсләҳәт кеңесиниң баслығы 56-санлы «Бердақ» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Б.Абдуллаев мәжилисте қабыл етилген қарар бойынша мәлимлеме берди. Сенат ағзаларын сайлаў бойынша өткерилетуғын жасырын даўыс бериў бюллетенине киргизиў ушын таңлап алынған еки депутаттың кандидатурасы қоспа мәжилис додалаўына усынылды.

Қоспа мәжилис Мәсләҳәт кеңеси тәрепинен Сенат ағзаларын сайлаў бойынша сайлаў бюллетенине киргизиў ушын 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жалменов ҳәм 63-санлы «Қаракөл» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камаловлар усынылды.

Ашық-айдынлық пенен өткен додалаўлардан соң депутатларға талабанлардың ҳәр бириниң мийнет жолы, турмыслық тәжирийбеси, исшеңлик, шөлкемлестириўшилик пазыйлети бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Ашық даўыс бериў жолы менен Мәсләҳәт кеңеси тәрепинен усынылған еки депутаттың кандидатурасын жасырын даўыс бериў бюллетенине киргизиў бойынша қарар қабыл етилди.

Буннан кейин Сенат ағзаларын сайлаў болып өтти. Демократиялық принциплер тийкарында өткен сайлаўда ҳәр бир депутаттың жабық даўыс бериўи шөлкемлестирилди.

Есап-санақ комиссиясының ағзалары белгиленген тәртипте талабанларға берилген даўысларды санап шықты ҳәм нәтийжелери жәрияланды.

Нәтийжелер бойынша 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жалменов ҳәм 63-санлы «Қаракөл» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камаловлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары етип сайланды.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларының қоспа мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери