Мүнәсибет

Усы жылдың 2-октябрь күни ҳүрметли  Президентимиз Ш.Мирзиеёвтиң Қарақалпақстан Республикасына болған сапары ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында қатнасып шығып сөйлеген сөзин халқымыз үлкен итибар менен тыңлап, қызғын күтип алды.

Президентимиздиң елимизге болған ҳәр бир сапары қарақалпақ елине жаңа дөретиўшилик ислерди, жаңа басламаларды алып келеди.  Бул сапары да Журтбасшымыз көплеген ийгиликли мақсетлер, жаңа басламаларды баслап, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў, республикамызда инновациялық технологияларды ҳәм қалалар менен районларымызды социаллық-экономиклық жақтан раўажландырыў сыяқлы көплеген ислениўи тийис болған  ўазыйпаларды белгилеп берди.

Президентимиздиң пайтахтымызда жаңадан бой тиклеген Опера ҳәм бақсышылық мектебине келиўи биз ушын үлкен қуўаныш болды. Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги имканиятлар менен танысып, оқыўшылар және устазлар менен сәўбетлесип, Қарақалпақстанда опера ҳәм бақсышылық тараўларын раўажландырыў бойынша өз пикир-усынысларын билдирип, бул бағдардағы жумысларды және де жетилистириў мақсетинде тийисли ўазыйпаларды белгилеп берди.

– Бундай мектеплерди шөлкемлестириўимизден тийкарғы мақсет – тарийхымызды, мәдениятымызды терең үйрениў, өзлигимизди аңлаў. Бақсышылық – қарақалпақ халқының уллы дәстүри, оны раўажландырыў ушын барлық шараятларды жаратамыз, – деди Президентимиз.

Мәмлекетимиз басшысы 150 орынға мөлшерленген мектеп- интернатта жаңадан бөлимлерди шөлкемлестириў, шетки аймақлардағы талантлы  жасларды излеп табыў, ҳәр бир районда усы мектептиң бөлимлерин шөлкемлестириў ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик Консерваториясының филиалын шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти. Бул көркем өнерге ықласы бәлент халқымыз ушын үлкен қуўанышлы тарийхый ўақыя болды. Алдағы ўақытта усы мектепти тамамлаған оқыўшыларымыз енди Ташкент қаласына барып жүрмей, өзимизде билимлендириўдиң жоқарғы басқышында билим алыўы мүмкин болады. Сондай-ақ, бул дәргайда оқыўшылар миллий саз әсбаплары менен биргеликте Европа саз әсбапларын да үйренеди. Олардың тыянақлы билим алыўы ушын тараўдың жетик қәнигелери, сырт еллердиң профессор-оқытыўшыларының шеберлик сабақлары шөлкемлестириледи. Бул болса мектеп оқыўшыларының дүнья халықларының тәжирийбелерин үйренип, халықаралық таңлаўларда табыслы қатнасыўына мүмкиншилик жаратады. Және бир қуўанышлы ўақыя келеси жылы Қарақалпақстанда халықаралық бақсышылық көркем өнер фестивалы өткерилетуғын болды. Бул бизиң әсирлер даўамында халқымызды суўсынландырып киятырған миллий бақсы-жыраўшылық өнеримизди, қәлби кең, миймандос  саҳра халқының миллий үрп-әдет дәстүрлерин дүнья халықларының көркем өнер шеберелерин жақыннан таныстырыў имканиятын берсе, екинши жағынан республикамызда туризмниң раўажланыўына да үлкен тәсир көрсетеди.

Президентимиздиң Қарақалпақстанда мәденият, көркем өнер, әдебият бағдарларында белгилеп берген тийкарғы ўазыйпалары  барлық дөретиўшилеримизди  толқынландырдып жиберди. Келеси жылы  Бозатаў районында Өзбекстан шайыр ҳәм жазыўшыларының әнжуманын өткериў, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Төлепберген Қайыпбергеновтың үй музейин шөлкемлестириў бойынша берилген баҳалы тапсырмалары руўхыйлығымызды және де байытып, келешек әўладтың ата-бабаларымыздың мүнәсип әўладлары, айдын келешегимиздиң ылайықлы ийелери болыўына тийкар болары анық. Соның менен бирге, Журтбасшымыз сапары даўамында келеси жылы Қарақалпақстанда Жаслар фестивалын өткериў усынысын билдирди. Әлбетте, бул да өз гезегинде пүткил Өзбекстан жасларының бир жерге жәмлесип, Қарақалпақстанның гөззал тәбияты, мәденияты, үрп-әдет дәстүрлери менен жақыннан танысып, дослық қатнасықларының беккемлениўине тийкар жаратады. Жоқарыда айтылған бул үлкен илажларды, белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша министрлигимиз тийисли ис-илажларды ислеп шығып, усыныслар таярламақта.

Улыўма айтқанда, Президентимиздиң мәмлекетимизде жаңа тарийх бетлерин ашыўдай ийгиликли мақсет ҳәм идеяларын  ҳәммемиз өзлеримиздиң пидәкерлик мийнетимиз бенен қоллап-қуўатлаў бәршемиздиң әдиўли миннетимиз болып қалыўы тийис.

 

Қалбай ТУРДИЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри

Қарақалпақстан хабар агентлиги