Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 8-октябрь күни жәмийетте ҳаяллар ҳәм жаслардың ролин арттырыў және бәнтлигин тәмийинлеў илажларын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Ҳаял-қызлар ҳәм жаслар – халықтың үлкен бөлеги, социаллық мәселелердиң айырымлары олар менен тығыз байланыслы.

Соңғы жыллары бул еки бағдар бойынша Өзбекстанда мәмлекетлик сиясатты мәҳәлле дәрежесине шекем жүргизетуғын вертикал система жаратылды. Жаслар мәселелери бойынша ҳәр бир районда өз алдына ҳәкимниң орынбасары, оның 3 қәнигеси, Жаслар ислери агентлиги бөлиминиң 3 хызметкери, ўәлаятта да ҳәкимниң орынбасары, оның 4 қәнигеси, Жаслар ислери агентлиги басқармасының 11 хызметкери ажыратылды.

Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ҳәр бир мәҳәлледе өз алдына баслықтың орынбасары, районға – мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары ҳәм 2 қәнигеси, ўәлаятқа болса 8 штат бирлиги берилди.

Буннан тысқары, жаслар мәселелерин шешиўге Президенттиң Халық қабыллаўханалары, ҳаял-қызлар мәселелерин шешиўге болса Кәсиплик аўқамлары бириктирилди.

Бирақ орынларда усы уйымлар, төрт сектор жумысты нәтийжели шөлкемлестире алмай атырғаны бар гәп.

Сонлықтан видеоселектор мәжилисинде ҳаял-қызлар ҳәм жаслар мәселелери бойынша жаңа жумыс системасы енгизилетуғыны атап өтилди.

Ҳәммемизге белгили, елимизде халықты социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақлар дизими, яғный «темир дәптер» дүзилген еди. Енди тап усындай ҳәр бир мәҳәлле, район, қала ҳәм ўәлаят кесиминде «жаслар дәптери» ҳәм «ҳаял-қызлар дәптери» қәлиплестириледи. Бул дизимлер «темир дәптер»ден өз алдына болады. Оған социаллық, ҳуқықый, психологиялық қоллап-қуўатлаўға, билим ҳәм кәсип ийелеўге мүтәжлиги ҳәм қызығыўшылығы болған жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызлар киргизиледи. Оның нәтийжесинде олар менен системалы, мәнзилли жумыс жолға қойылады.

Мәжилисте жаслар ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасы Хатирчи районы ҳәм Янгиер қаласы мысалында додаланды.

Жуўапкерлерге усы системаның үлги түрин ислеп шығып, Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ҳәр бир ўәлаяттың биреўден қала ҳәм районында, яғный 28 аймақта сынақтан өткериў ўазыйпасы қойылды.

Сектор басшылары ҳәм жуўапкер уйымлардың ўәкиллерине ҳәр бир мәҳәлледеги жағдайды үйрениў, жаслар ҳәм ҳаяллар менен бирме-бир пикир алысып, мүтәжликлерин, қызығыўшылықларын анықлаў және сол тийкарда  мәнзилли илажлар көриў бойынша тапсырмалар берилди.

– Буннан кейин адамлардың үйине барып, жумысқа мүтәжлерди жумысқа жайластырыў системасын жаратыўымыз керек. Енди қайсы жерде басшылар үйме-үй жүрип, мәселелерди шешсе, сол жерде жағдай өзгереди. Ең тийкарғы мақсет, экономикалық турақлылықтан нәтийжелиликке өтиў, – деди Президент.

Жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызларда мотивация оятып, кәсиплик көнликпелерди қәлиплестириў, психологиялық, ҳуқықый, медициналық ҳәм қаржылай жәрдем бериў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәселен, шаңарақлық психолог хызмети ҳәм районлық әдиллик бөлими арқалы ҳуқықый мәсләҳәтлерди бийпул шөлкемлестириў мүмкин. Жалғыз кексе ҳаял-қызлар менен патронаж мийирбийкелер, жаслар, мәҳәлле ҳәм шаңарақ бөлимлериниң ислесиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәкимниң инвестиция бойынша орынбасары, районлық ҳәм қалалық бәнтлик бөлими, Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў орайы, Бас министрдиң қабыллаўханалары ҳәм банклердиң ең әҳмийетли ўазыйпасы болыўы керек екенлиги айтылды.

Өз мийнети, ерк-ықрары себепли үлкен жетискенликлерге ерискен белгили инсанлар менен ушырасыўлар шөлкемлестирип, жслар ҳәм ҳаял-қызларға күшли мотивация бериў, шет тили, кәсип-өнер ҳәм бизнеске үйрететуғын аудио және видео материалларды таярлап тарқатыў да жақсы нәтийже береди.

Мәжилисте «социаллық шәртнама» тәжирийбесин кеңнен қолланыў әҳмийетли екенлиги айтылды. Онда, бәринен бурын, пуқара кәсип үйрениўи, жумысқа жайласыўы, өзин-өзи бәнт етиўи ушын мәмлекет тәрепинен материаллық ҳәм социаллық жәрдем көрсетиледи.

«Дәптер»лер менен ислесиўде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди. Олар менен бирге ислесиўди кеңейтип, жазаны өтеп қайтқанлардың социаллық бейимлесиўи, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды психологиялық қоллап-қуўатлаў, оларды шет тиллери ҳәм кәсип өнерге оқытыў зәрүр екенлиги айтылды.

Бул жумысларға «Мәҳәлле ҳәм шаңарақ» илимий-изертлеў институты, Жаслар мәселелерин үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институтының потенциалынан пайдаланылады. Буннан тысқары, халықты исбилерменликке үйретиў ҳәм микрофинанслық хызметлер көрсетиўден ибарат комплексли бағдарларды әмелге асырыў ушын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге жыллық 4 процент ставкада қарыз қаржылары ажыратылады.

Мәжилисте мөлшерленген илажларды әмелге асырыў ушын оларды турақлы финанслық дәреклер менен тәмийинлеў мәселеси де көрип шығылды.

Жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Үйрениўлерде белгили болыўынша, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың 55 проценти орта мағлыўматлы. Жумыссыз жаслардың да көпшилиги заманагөй билим ҳәм өнерлерди ийелемеген.

– Жаслар ҳәм ҳаял-қызларды мийнет базарында талап жоқары болған кәсип-өнерлерге таярлаўды системалы жолға қойсақ, олардың мүнәсип жумыс табыўына жәрдемлессек, көплеген жәмийетлик ҳәм экономикалық машқалалар шешиледи. Буның ушын тек ғана мәмлекетлик билимлендириў мәкемелерин емес, ал мыңнан аслам мәмлекетлик емес кәсип-өнер билимлендириў орайларында тартыў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Атап өтилгениндей, бул бағдарда пүткиллей жаңа система енгизилип, мәмлекетлик емес кәсип-өнер билимлендириў орайлары арқалы жаслар ҳәм ҳаял-қызларда кәсиплик көнликпелерди қәлиплестириў, оларды финанслық жақтан қоллап-қуўатлаўға Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан 100 миллион доллар муғдарындағы қаржы жумсалады. Соның 10 миллионы жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыўға, 90 миллионы болса оқыў курсларын тамамлап, сертификат алғанларға жеңиллетилген кредитлер ажыратыў ушын жумсалады. «Социаллық шәртнама» арқалы мәмлекетлик емес кәсип-өнер оқыў курсларын питкеретуғын жаслар ҳәм ҳаял-қызларға билимлендириў қәрежетлери ушын 1 миллион сумға шекем субсидия бериледи.

Және бир мәселе – Кәсип ҳәм лаўазымлар классификаторы бүгинги заман ҳәм мийнет базарының талапларына сай келмейди. Мысал ушын, онда 2 мың 484, яғный 70 процент хызметкердиң лаўазымы бойынша жоқары мағлыўмат талап етиледи. Атап айтқанда, мағлыўматлар базасы менен ислесетуғын қәниге, веб-дизайнер сыяқлы қәнигеликлерге жоқары маманлық талабы қойылған. Бул кәсиплерди IT – орайларда ярым жылда жақсы үйрениў мүмкин.

Китапханашы, дилмаш, банк агенти, реклама қәнигеси сыяқлы көплеген ўазыйпаларға да жоқары мағлыўмат талабы қойылған. Мийнет базарында бундай кәсиплер бойынша 4 мыңға шамалас вакансия бар.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине Кәсип ҳәм лаўазымлар классификаторларында жоқары мағлыўмат талап ететуғын қәнигеликлер ҳәм лаўазымларды қысқартыў ўазыйпасы қойылды.

Ҳәкимлердиң социаллық мәселелер бойынша орынбасарлары «жаслар дәптери», мәҳәлле ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша орынбасарлары «ҳаял-қызлар дәптери»не жуўапкер екенлиги белгиленди.

Видеоселектор мәжилисинде бас министрдиң орынбасарлары, министрлер ҳәм ҳәкимлердиң мәлимлемеси тыңланды.

 

ӨзА