Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жасырын экономиканы кескин қысқартыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбарында белгиленген. Қарар жойбары Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында жәрияланды.

 

Жойбарға муўапық, 2021-жыл 1-январьдан:

 

– Физикалық тәреплерге өзин-өзи бәнт еткен тәреплер сыпатында 5 адамнан көп болмаған орынлы (транспорт басқарыўшысын есапқа алған ҳалда) жеңил автомобиль транспортында тасыў хызметин әмелге асырыўға рухсат бериледи.

 

Бунда өзин-өзи бәнт еткен тәреплер жеңил автомобиль транспортында жолаўшыларды тасыў хызметин мобиль қосымшалар – агрегаторлар арқалы әмелге асырғанында алынған дәраматларына социаллық салықты төлеў менен бирге физикалық тәреплерден дәрамат салығы белгиленген төлеў ставкасы бойынша алынған дәрамат суммасы 50 процентке кемейтилген ҳалда салық салынады.

 

Жойбарды додалаў 23-октябрьге шекем даўам етеди. Бул аралықта оған өзгерис киргизилиўи ямаса бийкар етилиўи де мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.