Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалында суў хожалығы хызметкерлери ушын қәнигелигин арттырыў оқыў курслары басланды.

Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги системасындағы шөлкемлерден жәми 200 қәниге оқытылып, олардың суў ресурсларын басқарыў процесслерине заманагөй мәлимлеме технологияларды енгизиў бойынша билимлерин жетилистириў белгиленген.

Елимиз басшысының басламасы менен соңғы жыллары жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, суў ресурсларын басқарыў системасын жетилистириў, суў хожалығы объектлерин модернизациялаў ҳәм раўажландырыў бойынша избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 10-июльдеги «Өзбекстан Республикасы суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында халықты ҳәм экономиканың барлық тармақларын суў менен турақлы тәмийинлеў, суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў, суў хожалығына базар принциплерин ҳәм механизмлерин және санлы технологияларды кеңнен енгизиў, суў хожалығы объектлериниң исенимли ислеўин тәмийинлеў және жер ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясында белгиленген ўазыйпаларды 2020-2022-жылларда әмелге асырыў бойынша «Жол карта»сы тастыйықланды. Нәтийжеде суў хожалығы объектлерин басқарыўды санлы технологиялар тийкарында автоматластырыў, электр энергиясы ҳәм басқа да ресурсларды үнемлейтуғын заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў Концепцияның әҳмийетли бағдарларынан бири етип белгиленди.

Буннан тысқары, елимизде «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде барлық тараўларда санластырыў, заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бойынша Суў хожалығы министрлиги тәрепинен соңғы үш жылға режелестирилген илажлар бағдарламасы ислеп шығылмақта. Усы бағдарламаға муўапық, суўдың есабын онлайн тәризде жүргизиў ҳәм оны басқарыўды автоматластырыў мақсетинде 2021-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасының 1302 суў хожалығы имаратында реал ўақыт режиминде суўды қадағалаў ҳәм оның есабын жүргизиў ушын «Smart Water» («Ақыллы суў») қурылмаларын орнатыў, 12 ири гидротехникалық объектти басқарыўды автоматластырыў, 273 насос станциясында электр энергиясының сарпланыўын онлайн мониторинг етиў системасын енгизиў және 364 дана мелиоративлик бақлаў қудығында жер асты суўлары қәддиниң көрсеткишлерин онлайн қадағалаў имканиятын бериўши «Diver» қурылмаларын орнатыў белгиленген.

Оқыў курсы даўамында тыңлаўшылар суў хожалығы тараўын санластырыўда раўажланған сырт еллердиң тәжирийбелери менен таныстырылады. Курс жуўмағында қатнасыўшыларға арнаўлы сертификатлар тапсырылады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери