Президентимиздиң 2019-жыл  6-сентябрьдеги «Билимлендириў  системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы  пәрманына муўапық, Қараөзек экономика ҳәм турмыс хызмети кәсип-өнер колледжи тийкарында Қараөзек районы кәсип-өнер мектеби болып ашылып, бул жерде жаңа оқыў жылы басланды.

Кәсип-өнер мектеби халықаралық классификатордың 3-категориясына сәйкес келетуғын билимлендириў бағдарламалары тийкарында  9-класс питкериўшилерин социаллық қоллап-қуўатлаўға бағдарланған баслаўыш профессионаллық билимлендириў басқышында кадрлар таярлайтуғын билимлендириў орны болып есапланады.

Кәсип-өнер мектебине  4  қәнигелик бойынша  209 оқыўшы қабылланды. Олар «Автомобильлерди оңлаў слесары», «Тигиўшилик», «Электрик» ҳәм «Аўыл хожалығы өндирисинде электр үскенелерине хызмет көрсетиў  ҳәм оңлаў электромонтёр» қәнигеликлери бойынша тәлим-тәрбия алады.

Бул жерде билимлендириўдиң жаңа талаплары тийкарында оқыўшыларға кәсиплик  ҳәм улыўма билим пәнлери 2 жыл даўамында үйретиледи.

Мектепте заманагөй 3 компьютер  бөлмеси, 13 оқыў аудиториясы, 5 оқыў лабороториясы ҳәм устаханасы бар.

Кәсип-өнер мектебинде теориялық ҳәм әмелий сабақларды оқытыў ҳәм үйретиў енгизилип, «Устаз-шәкирт» дәстүри жолға қойылған.

Бул оқыў дәргайында оқыўшыларға Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан  базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында айлық стипендия  және үш мезгил аўқат пенен тәмийинлеў тәртиби 2021-2022-оқыў жылынан баслап енгизиледи.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы