Күшли тәсир көрсетиўши дәри-дәрмақлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен системалы түрде арнаўлы илажлар әмелге асырылмақта.

Жақында, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы ҳәм «Ташкент-Аэро» қәнигелестирилген бажыхана комплексиниң Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими хызметкерлери МҚХ хызметкерлери менен биргеликте, алдыннан алынған оператив мағлыўматлар тийкарында, дәри-дәрмақлардың нызамсыз айланысының алдын алыў мақсетинде Ташкент қаласы, Алмазар районында оператив илаж өткерди.

Басқарманың мәлимлеме хызмети тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, усы илаж даўамында пуқара А.А. он миллион сумға 280 таблетка «Лирика» дәрисин сатып атырған ўақтында илаж қатнасыўшылары тәрепинен қолға алынды. Сондай-ақ, усы пуқараның қалталарында және 6 дана «Лирика» дәриси бар екенлиги анықланып, айғақлы зат ретинде алып қойылды.

Ҳәзирги ўақытта бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги сорастырыў жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги