Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяповлар Беруний районындағы 35-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға сапары даўамында ҳәр бир министрликке айрықша ўазыйпалар тапсырылған болып, районларды раўажландырыў, социаллық-экономикалық көрсеткишлерин және де жоқарылатыў бойынша бир қанша пикир-усынысларын берген еди.

– Районымызда 2023-жылы уллы ойшыл, илимпаз бабамыз Әбу Райхан Берунийдиң туўылғанына  1050 жыл толыўын мүнәсип белгилеў,  16 гектар майданға бағ ҳәм музей имратын қурып питкериў, Беруний атындағы анық ҳәм тәбийғый пәнлерге қәнигелестирилген мектеп шөлкемлестириў бойынша Президентимиз өз усынысларын билдирип өтти. Бул бизлер ушын қуўанышлы ўақыя болды. Енди жасларымыз уллы бабамыздың жолын даўам етип, Жаңа Өзбекстанның келешегин қурыўшылар болып хызмет етери сөзсиз, – дейди «Саркоп» аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Юлдаш Рузматов.

Солай етип, бул жердиң шараяты ҳәм ислениўи керек болған режелер ҳаққында пикир алысты.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы