Америка Қурама Штатлары Президенти

Уллы Мәртебели Мырза

Дональд Жон Трампқа

Сиз ҳәм Уллы мәртебели Мелания Трамп Ханымның коронавирусқа шалынғаны ҳаққындағы хабарды терең тынышсызланыў ҳәм қәўетер менен қабыл еттим.

Сизлерди қысқа ўақыт ишинде вирусты табыслы жеңип өтип, шыпа табатуғыныңызға, абадан турмысыңызды және жуўапкершиликли мәмлекетлик жумысыңызды даўам еттиретуғыныңызға исенемен.

Ҳүрметли Уллы мәртебели Президент, усы сынаўлы мәўритлерде Сизге ҳәм Уллы мәртебели Мелания Трамп Ханымға және барлық шаңарақ ағзаларыңызға беккем денсаўлық, тынышлық ҳәм күш-қуўат яр болыўын тилеп қаламан.

Үлкен ҳүрмет пенен,

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти