МҮНӘСИБЕТ

Президентимиз Ш.Мирзиеёвтиң Қарақалпақстанға сапары ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында қатнасып шығып сөйлеген сөзин халқымыз қызғын күтип алып, үлкен итибар менен тыңлады.

Президентимиздиң ҳәр бир сапары қарақалпақ елинде жаңа дөретиўшиликлер, халықтың абаданлығы артыўының жаңа перспективаларын алып келеди. Оларға гүўа болып, ҳәр биримиз Өзбекстанның бай тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып атырған Жаңаланған елимиздиң жаңа тарийхына гүўа болыўдай бахытқа миясар болып атырғанымыздан мақтанамыз.

Мәмлекетимиз басшысының халқымызға болған меҳир ҳәм итибары, ғамхорлықлары айрықша. Оны жүрек-жүректен сезинген ҳәр бир қарақалпақстанлының Президентимизге болған исенимин және де беккемлемекте.

Жақында ғана Мәмлекетимиз басшысы және бир мәрте БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында Арал кризиси ақыбетлерин сапластырыў машқалаларына дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қаратқаны, бул бағдардағы баҳалы пикир-усыныслары БМШ тәрепинен мақулланғаны пикиримиздиң дәлили болып есапланады.

Бүгин Қарақалпақстанның жаңаланған келбети, абадан ҳәм бахытлы өмирине қарап турып узақ ҳәм жақын тарийхты көз алдымызға келтиремиз.

Ерназар Алакөз, Аллаяр Досназаров сыяқлы халық жетекшилери азат ҳәм абат турмысты әрман еткен еди. Әжинияз бабамыз «Жер ҳәм ел биландур, ел ҳәм жер билан…», «Хош аман бол бизден қалдың Бозатаў…» деп жырлаған әрманлары ғәрезсизлик жылларында жүзеге шыққаны, Мойнақтың жаңаланып атырғаны, Бозатаў районының қайтадан шөлкемлестирилип абадан бир аймаққа айланып атырғаны мысалында көриўимиз мүмкин.

Қарақалпақстанға узақ жыллар басшылық етип пидайылық, халыққа садықлық үлгилерин көрсетип Қарақалпақ жерин жаңалаған, ўатансүйгиш басшы, марҳум Муса Ерниязовтың мийнетлери бахытлы ҳәм абадан турмысымызда айқын көринип тур.

Жоқарғы Кеңес сессиясы шын мәнисинде тарийхый сәнеге айланды. Республиканың жаңа басшысы сайланды.

– Бүгин қарақалпақ елин, топырағын, имканиятларын жақсы билген, халық таныған, ҳәр қыйлы мәселелерди шеше алатуғын жетекшини сайлап алыўымыз керек. Бердақ бабамыздың дана сөзлери менен айтқанда:

«Халықтың ғамын ойлаған

Журт ғамхоры керек маған», деди мәмлекетимиз басшысы.

Президент ҳәзирги қыйын ўақытта басшы болыў аңсат емес екенлигин, Қарақалпақстанды раўажландырыў бойынша басланған жумыслар 2-3 есеге көбейтилип даўам еттирилетуғынын атап өтти.

Ҳақыйқатында да, бул лаўазымға усыныс етилип атырған Мурат Камалов Халық Атасы деген ҳүрметке ийе болған ХХ әсир орталарында бул елдиң тырнағын қойған Қ.Камаловтың перзенти.  Депутатлар Аталар жерине меҳир қойған, ўатансүйгиш, пидайы, Мурат Камаловтың кандидатурасын бир аўыздан мақуллады.

Мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў режелерин белгилеп берип, 16 районда «өсиў ноқатлары» бойынша исбилерменлик субъектлери 3 жыл мүддетке жер салығы, мүлк салығы, киши кәрханалардың айланысынан алынатуғын салық, жеке тәртиптеги исбилерменлердиң қатаң муғдардағы дәрамат салығынан азат етилетуғынын атап өтти.

Әсиресе Тахтакөпир, Бозатаў ҳәм Шоманай районларында жаңадан шөлкемлестирилетуғын санаат кәрханаларына да  3 жыл мүддетке салық ҳәм бажыхана жеңилликлери белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы қарақалпақ елинде балықшылық, шарўашалықта шаңарақлық кооперацияларды жолға қойып, қусшылықты көбейтип, гөштиң баҳасын арзанлатыў илажларын көриў бойынша да бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берди.

Президентимиздиң Қарақалпақстанда мәденият, көркем өнер, әдебият бағдарларында белгилеп берген тийкарғы ўазыйпалары биз дөретиўшилерди және де толқынландырды.

Келеси жылы Қарақалпақстанда Жаслар фестивалын шөлкемлестириў. Бозатаў районында Өзбекстан шайыр ҳәм жазыўшыларының әнжуманын өткериў, Өзбекстан, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекстан Қаҳарманы, белгили жазыўшы Төлепберген Қайыпбергеновтың үй музейин шөлкемлестириў бойынша берилген баҳалы тапсырмалары руўхыйлығымызды және де байытатуғынына исенемиз.

Әсиресе Нөкис қаласында қурылған опера ҳәм бақсышылық мектеп-интернаты жанында бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў қоры да шөлкемлестириледи. Бундай ийгликли ислер ата-бабаларымыз әсирлер даўамында қәдирлеп келген бийбаҳа көркем өнерди дүньяға кеңнен таныстырыў, жасларымыздың оған қызығыўшылығын арттырыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Халқымыз Нөкис қаласын Өзбекстанның екинши пайтахты деп сүйеди. Мәмлекетимиз басшысы пайтахтымызды және де көркем, абат, заманагөй көринисге ийе болыўы бойынша анық көрсетпелер берди.

– Ташкентте қандай жаңалық болса, Нөкиске келиўи керек, – деди Президент. – Жаңа ислемесек, заман қабыл етпейди.

Соның менен бирге Президентимиздиң ҳәр бир депутаттың, сенатордың халық алдындағы жуўапкершилигин арттырды. Сенатта Арал кризиси машқалаларын сапластырыўға қаратылған барлық мәселелердиң орынланыўын қадағалаў бойынша Комитет дүзиў ўазыйпасын қойды. Комитетке басшылық етиў жеке Сенат баслығында болатуғыны, бул иске барлық сенаторлар, депутатлар да тартылатуғыны белгиленди. Бул Аралдың қурыған аймағында экологиялық жағдайды жақсылаў, халықаралық шөлкемлер менен ислесиў, мәмлекетимиз тәрепинен ислеп шығылған барлық жойбарлар өз ўақтында орынланыўын қадағалаўда үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

Биз депутатлар, сенаторлар да әлбетте Президентимиз талап етип атырғанындай халықтың дәрти ҳәм машқалалары менен жасаўымыз, оларды шешиўде Мәмлекетимиз басшысына қол-қанат болыўымыз керек.

 

Гүлистан АННАҚИЛИЧЕВА,

Олий Мажлис Сенатының ағзасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги