Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2020-жыл 2-марттағы ПФ-5953-санлы Пәрманына муўапық, ҳаял-қызлардың жоқары оқыў орынларында билим алыўы ушын және де кең имканиятлар жаратыў мақсетинде ажыратылған өз алдына 4 процентлик қосымша қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде 2020-2021-оқыў жылы ушын Өзбекстан бойынша 940 ҳаял-қызлар мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди.

 

Мәмлекетлик комиссияның 1-санлы протоколы тийкарында, 2020-2021-оқыў жылы ушын ҳаял-қызларға ажыратылған 4 процентлик қосымша мәмлекетлик гранты тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлериниң аймақлар кесиминдеги бөлистирилиўи бойынша Қарақалпақстан Республикасы ушын улыўма 51 орын ажыратылған еди.

 

Бизге мәлим болыўынша, бул орынлар Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары кесиминде төмендегише көриниске ийе болды:

 

1) Қарақалпақ мәмлекетлик университети – 29 студент қабылланды;

2) Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты – 10 студент қабылланды;

3) Қарақалпақстан медициналық институты – 11 студент қабылланды.

 

Быйылғы оқыў жылында Қарақалпақстандағы 50 ҳаял-қыз 4 процентлик қосымша мәмлекетлик гранты тийкарында жоқарыда көрсетилген оқыў орынларының студенти болды.

 

Мағлыўмат ушын, өткерилген тест сынақлары нәтийжелерине муўапық, усы жеңилликке ийе болған абитуриентлердиң топлаған балына қарай Қарақалпақстан Республикасында өтиў балы 154,5 баллды қурады.

 

Усы көрсетилген балл ҳәм оннан жоқары балл топлаған абитуриент ҳаял-қызлар жоқары оқыў орынларына грант тийкарында оқыўға қабылланды. Оннан төмен балл топлаған абитуриентлерге болса 4 процентлик жеңиллик қолланылмады. Олар улыўмалық таңлаўда қатнасты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.