Усы жыл 1-октябрь күни Нөкисте Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының жаңа имараты-«Көргизбе сарайы» қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.

Жаңа имараттың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, жыйналғанларды улыўма халықлық Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы, Өзбекстан Саўда-санаат палаты Қарақалпақстан Республикасы басқармасының жаңа имараты-«Көргизбе сарайы»ның пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Илажда сондай-ақ,  Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икрамов, Нөкис қаласындағы «Строй Вектор» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Қ.Панаев, Тахтакөпир районындағы «Тайымбет» фермер хожалығының баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы С.Сейтназаров мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында исбилерменликти раўажландырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни республикамызда 17,5 исбилерменлик субъекти ҳәрекет етип турған болса, соннан тең ярымы соңғы үш жылда шөлкемлестирилди. Бул оларға берилип атырған жеңиллик ҳәм қоллап-қуўатлаўдың әмелдеги көриниси болып табылады.

Жаңа имараттың биринши қабатында исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң көргизбеси ушын экспозиция залы болып, екинши қабатында Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Өнерментлер бирлеспеси жайласқан. Көргизбе сарайында ҳәр бир қала ҳәм районға арнаўлы орын ажыратылған болып, келешекте бул жерде исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң көргизбеси турақлы түрде шөлкемлестирилип барылады.

-Президентимиздиң басламасы менен ашылған кәрханамызда бүгинги күни 10 түрдеги телевизор ҳәм  8 түрдеги шаңжутқыш ислеп шығарылмақта,-дейди Нөкис қаласындағы Самсунг заводының инженер-технологи Еркинбай Джаңабаев.-Жәми 300 адам, соннан көпшилиги жаслар мийнет ететуғын жәмәәтимизде ислеп шығарылып атырған өнимлер ишки базарымыздан тысқары, Қазақстан Республикасына да экспорт етилмекте. Келешекте жәҳән стандартлары талабына жуўап беретуғын өнимлер ислеп шығарып, экспорт көлемин еле де кеңейтиўди мақсет еткенбиз.

Илаж қатнасыўшылары жаңа имаратта жаратылған шараятлар ҳәм исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң көргизбеси менен танысты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.