Ассалаўма әлейкум, әзиз ўатанласлар!

Қәдирли муғаллимлер!

Ҳүрметли устазлар!

Бүгин сиз, әзизлер менен 1-октябрь ­ Муғаллимлер ҳәм устазлар күни ­ улыўмахалықлық байрамы қарсаңында ушырасып турғанымнан  бахтиярман.

Пурсаттан пайдаланып, сизлерди, орынлардағы студияларда отырған пидайы устазларымызды, «көк экран» арқалы бүгинги салтанатлы мәресимди көрип атырған барлық ўатанласларымды бул қутлы әййям менен шын жүректен қутлықлайман.

Биз ҳәр биримиз өмирде қандай табыс ҳәм нәтийжелерге ерискен болсақ, бул жетискенликлерде сизлердиң шексиз үлесиңиз барлығын бәрқулла миннетдаршылық пенен атап өтемиз. Сонлықтан, мине усындай қуўанышлы күнде барлық шәкиртлериңиз, пүткил халқымыз атынан сизлерге жоқары ҳүрмет-иззетимиз, ийгиликли тилеклеримизди билдирип, шын кеўилден тәжим етемиз.

Уллы шайырымыз мәўлана Фурқат илим-мәрипатты кеўиллердиң мәдари, көрер көзлердиң нуры, деп тәрийплегенин ҳәммемиз жақсы билемиз.

Ҳақыйқатында да, миллионлаған перзентлеримиздиң қәлбине илим нурын сиңдирип, оларды ел-журтқа мүнәсип инсанлар етип тәрбиялап атырған мийнеткеш ҳәм мәртебели устазларымызға қанша миннетдаршылық билдирсек, арзыйды.

Мен бүгин билдиретуғын пикирлерди, бәринен бурын, ҳүрметли муғаллим ҳәм оқытыўшыларға, қәдирли тәрбияшыларға, барлық жанкүйер зыялыларымызға жолланған мүрәжат сыпатында қабыл етиўиңизди қәлер едим.

Әзиз дослар!

Хабарыңыз бар, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясында сөйлеген сөзимде мен басқа көп ғана әҳмийетли мәселелер қатарында Жаслар ҳуқықлары бойынша халықаралық конвенцияны қабыл етиўге байланыслы Өзбекстанның басламасына және бир мәрте дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қараттым.

Жаслар ҳуқықы дегенде, биз, биринши гезекте, олардың тыныш ҳәм саламат жасаўға ҳәм билим алыўға болған толық ҳуқықын түсинемиз. Сонлықтан, өнип-өсип киятырған жас әўладымыздың бәркамал болып жетилисиўин, сапалы ҳәм толық билим алыўын тәмийинлеў биз ушын ҳәмийше тийкарғы ўазыйпа есапланады.

Пүткил дүнья мәмлекетлери қатарында Өзбекстан да коронавирус пандемиясын басынан өткерип атырған ҳәзирги қыйын дәўирде елимиздиң билимлендириў системасы да үлкен сынаққа дус келди. Бүгинги қыйын шараятқа қарамастан, мәмлекетимиз тәрепинен өз ўақтында көрилген илажлар ҳәм сизлердиң пидәкерлик мийнетиңиз бенен бул бағдардағы жумысларымыз избе-из даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, қысқа мүддет ишинде елимизде «онлайн мектеп» жойбары ҳәм аралықтан оқытыў енгизилди.

Жақында республикамыздың көпшилик мектеплеринде, карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда, жаңа оқыў жылы басланды. Жақсы дәстүрлеримизге муўапық, дерлик 650 мың 1-класс оқыўшысына Президент саўғалары сыпатында 72 миллиард сумлық оқыў қураллары тапсырылды. Сондай-ақ, материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардың перзентлери ҳәм майыплығы болған балаларға қыскы кийим-кеншек топламлары, мектеп формасы ҳәм оқыў қуралларынан ибарат 426 миллиард сумлық материаллық жәрдем берилгени де мине усындай қайырлы ислеримиздиң қатарына киреди.

Әйне ўақытта, бүгинги жағдайдан келип шыққан ҳалда, оқыўшы ҳәм педагоглардың саламатлығын сақлаў мәселеси бәршемиздиң айрықша итибарымыз орайында турыпты. Усы мақсетте мектеплерди зәрүр медициналық ҳәм антисептик қураллар менен тәмийинлеў ушын Кризиске қарсы гүресиў қорынан 17 миллиард сум қаржы ажыратылды.

Хабарыңыз бар, быйыл 1,5 миллионға шамалас жасларымыз жоқары оқыў орынларына кириў ушын ҳүжжет таспырды. Бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 40 процентке көп дегенди билдиреди. Биз мине усындай аўыр жағдайда тест сынақларын ашық стадионларда, эпидемиологиялық қәўипсизлик талапларына қатаң әмел еткен ҳалда, табыслы өткериўге еристик.

Уллы мәмлекетлик ғайраткер Индира Гандидиң «Бир қыз баланы оқытсаңыз, пүткил шаңарақты оқытқан боласыз», деген сөзлеринде үлкен турмыслық ҳақыйқат барлығын әлбетте, ҳәммемиз жақсы түсинемиз. Соның ушын быйылғы жылы аўыллық жерлерде жасап атырған, кем тәмийинленген шаңарақлардағы қызларымыздың жоқары оқыў орынларының күндизги бөлиминде мәмлекетлик грант тийкарында оқыўы ушын 940 орын ажыраттық.

Ойлаўымша, қызларымыз ушын жаратылған бундай қосымша имканият және жүзлеген шаңарақларға билим ҳәм мәрипат нурын алып киреди. Бул, өз гезегинде, жас қызларымыздың келешекте жәмийет ушын мүнәсип кәсип ийелери болып жетилисиўине пуқта тийкар жаратады. Биз бул бағдардағы жумысларымыздың көлемин буннан кейин де және де көбейтип барамыз.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Ҳәммемизге белгили, раўажланыўдың тырнақ тасы да, мәмлекетти қүдиретли, миллетти уллы ететуғын күш те бул – илим, тәлим ҳәм тәрбия. Ертеңги күнимиз, Ўатанымыздың жарқын келешеги, биринши гезекте, билимлендириў системасы ҳәм перзентлеримизге берип атырған тәрбиямыз бенен тығыз байланыслы.

Уллы грек алымы Аристотельдиң «Ўатанның тәғдирин жаслар тәрбиясы шешеди», деген сөзлери бар.

Қараң, бул пикирлер эрамыздан бурын айтылған. Демек, инсаният саналы турмыс кешире баслаған дәўирден бери тәлим-тәрбия мәселеси, удайы айрықша әҳмийетке ийе болып келмекте.

Бир ойлап көрейик, дүньядағы раўажланған мәмлекетлер қалай етип жоқары раўажланыў ҳәм турмыс абаданшылығына ериспекте? Ең дәслеп, илим  ҳәм билимлендириўге қаратылған үлкен итибар себепли емес пе?

Соның ушын да кейинги жылларда елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, жаңа Өзбекстанды жаратыў мақсетинде барлық тараўлар қатари билимлендириў системасында да түпкиликли реформалар алып барылмақта.

Бул бағдарда онлаған әҳмийетли пәрман, қарар ҳәм бағдарламалар қабыл етилгени сизлерге жақсы белгили. Мине, күни кеше тастыйықланған «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызам бул тараўдың раўажланыўында, әлбетте, жаңа горизонтларды ашып береди. Нызамға муўапық, билим алыўдың аралық, инклюзив формалары енгизилди, билимлендириў шөлкемлерине сырт ел мәкемелери менен қоспа факультет ҳәм оқыў орайларын шөлкемлестириўге рухсат етилди. Сондай-ақ, оқытыўшыларға авторлық бағдарламасы ҳәм оқытыў усылларын енгизиў, заманагөй педагогикалық формалар, оқытыў ҳәм тәрбия усылларын еркин таңлаў ҳуқықы берилди.

Биз кең көлемли демократиялық өзгерислер, атап айтқанда, тәлим реформалары арқалы Өзбекстанда жаңа Ояныў дәўири, яғный, үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўды өзимизге тийкарғы мақсет етип белгиледик. Бул ҳаққында айтар екенбиз, бәринен бурын, үшинши Ренессанстың мазмун-мәнисин ҳәр биримиз, пүткил жәмийетимиз терең аңлап алыўы керек.

Тарийхқа нәзер салсақ, Уллы жипек жолының кесилиспесинде жайласқан ана жеримиз әзелден жоқары цивилизация ҳәм мәденият орайларынан бири болғанын көремиз. Халқымыздың бай илимий-мәдений мийрасы, тасқа мөрленген әййемги жазыўлар, бийбаҳа архитектуралық естеликлер, сийрек қолжазбалар, түрли әййемги естеликлер мәмлекетшилик тарийхымыздың үш мың жыллық терең тамырларынан дәрек береди.

Мен жоқарыда Аристотельдиң пикирлерин бийкарға еслемедим. ҳәммеңизге жақсы белгили, антик дәўирде Грецияда жанған илим факели тоғызыншы – он екинши әсирлерде Орайлық Азия аймағында қайта жанды. Бул дәўирде елимиз аймағында биринши Ренессанс жүзеге келди ҳәм ол пүткил дүнья тән алатуғын атақлы генийлерди жетистирип берди. Атап айтқанда, Муҳаммед Хорезмий, Аҳмед Ферғаний, Әбу Райҳан Беруний, Әбу Али ибн Сино, Маҳмуд Замаҳшарий сыяқлы онлаған уллы алымларымыздың жәҳәнге белгили илимий-дөретиўшилик ашылыўлары улыўма инсанияттың раўажланыўына шексиз тәсир көрсетти.

«Ислам мәдениятының алтын әсири» деп тән алынатуғын бул дәўирде ана жеримизден жетисип шыққан Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Матуридий, Бурҳаниддин Марғиноний, Абул Муъин Насафий сыяқлы уллы алымлар пүткил мусылман әлеминиң шексиз мақтанышы есапланады.

Он бесинши әсирде Саҳыпқыран Әмир Темур бабамыз тийкар салған ҳәм оның мүнәсип әўладлары даўам еттирген әжайып салтанат, елимизде екинши Ояныў, яғный, екинши Ренессанс дәўирин баслап берди. Бул дәўирде Қазызада Румий, Мырза Улығбек, Ғиясиддин Коший, Әлий қусшы сыяқлы теңсиз алымлар, Лутфий, Саккокий, Ҳафыз Хорезмий, Абдураҳман Жәмий, Әлийшер Наўайы, Бабур Мырза киби әжайып шайыр ҳәм ойшыллар журтшылыққа танылды. Шарафиддин Әлий Яздий, Мирханд, Хандамир сыяқлы тарийхшылар, Маҳмуд Музаҳҳиб, Камалиддин Беҳзад сыяқлы сүўретши, көплеген хат көшириўши ҳәм сазенделер, музыкатаныўшы ҳәм архитекторлардың даңқы дүньяға жайылды.

Данышпан халқымыз ҳәр еки Ренессанс дәўиринде жәҳәнниң ең алдынғы, раўажланған халықлары қатарында болғаны бәршемизге үлкен мақтаныш бағышлайды.

Бир ойлап көрейик, бабаларымыз бундай жоқары шыңларға қалай ерискен? Олар, ең дәслеп, наданлыққа қарсы билим байрағын бәлент көтерип, өз ақыл-парасаты ҳәм потенциалын инсаният жаратқан илим жетискенликлерин терең үйрениў ҳәм байытыўға бағышлаған.

Тән алыў керек, биз мине усындай бийбаҳа мийрасқа көбинесе тек тарийхый естеликке қарағандай мүнәсибетте болып киятырмыз. Бундай бийбаҳа байлықты әмелий турмысымызға енгизиўде бийпәрўалық ҳәм итибарсызлыққа жол қоймақтамыз. Ал, бундай сийрек мийрас шенде-шен халықларға несип еткен. Бир ғана Илимлер академиясының Шығыстаныў институты фондларында сақланып атырған 100 мыңнан аслам сийрек қолжазбаларға дүнья халқы ҳәўес етеди. Биз бул ҳақыйқатлықты ҳәр тәреплеме терең аңлаўымыз зәрүр.

Уллы бабаларымыздың бийтәкирар ҳәм сийрек ушырасатуғын илимий-мәнаўий мийрасы биз ушын удайы ҳәрекеттеги турмыслық бағдарламаға айланыўы керек. Бул өлмес мийрас ҳәмийше жанымызда болып, бизге бәрқулла күш-қуўат ҳәм илҳам бағышлаўы лазым. Бәринен бурын, миллий билимлендириў системасын мине усындай руўх пенен суўғарыўымыз керек. Буның ушын илимпаз ҳәм қәнигелеримиз, ҳүрметли алымларымыз бул мәнаўий ғәзийнени бүгинги әўладларға әпиўайы ҳәм түсиникли, тартымлы формаларда жеткерип бериўи зәрүр.

Усы мүнәсибет пенен Илимлер академиясы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәденият министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Мусылманлар басқармасы, Халықаралық ислам академиясы, Ислам цивилизациясы орайы уллы ойшылларымыздың илимий-ағартыўшылық ҳәм мәдений мийрасын фундаментал тийкарда баспаға таярлаў, басып шығарыў ҳәм халықтың кең қатламына жеткериў, сондай-ақ, оны үйрениў методикасын ислеп шығып, әмелде қолланыў илажларын көрсин. Бул мәселеге Бас министрдиң орынбасары Б.Мусаев жуўапкер етип белгиленеди.

Және бир мәселеге айрықша тоқтап өтпекшимен: тилекке қарсы, он алтыншы әсирдиң екинши ярымынан баслап Орайлық Азия аймағында ишки урыс ҳәм келиспеўшиликлер, ҳәкимият ушын гүрес ҳәўиж алды. Айырыўшылық ҳәм жерлеслик күшейди, ағартыўшылықтың орнына саўатсызлық тамыр жайды. Нәтийжеде бир пайытлары гүллеп-жаснаған үлкемизде жәмийетлик-сиясий ҳәм экономикалық дағдарыс жүзеге келди. Илим-пән ҳәм пикирлеў жалыны сөне баслады. Журтымыздың он тоғызыншы әсирге келип бойсыныўшылыққа түсип қалыўында әне усындай унамсыз жағдайлар тийкарғы себеп болғаны ҳәммемизге жақсы белгили.

Көпшилик зыялылар қатарында мен де бир пикирди ҳәмийше үлкен әрман менен ойлайманF мәмлекетимизде үшинши Ренессансты жигирмаланшы әсирде ағартыўшы жадид бабаларымыз әмелге асырыўы мүмкин еди. Неге дегенде, бул пидайы ҳәм жанкүйер инсанлар пүткил өмирин миллий ояныў идеясына бағышлап, үлкени саўатсызлық ҳәм қалақлықтан алып шығыў, миллетимизди ғәплет батпағынан қутқарыў ушын бар күш ҳәм имканиятларын жумсады. Бул жолда олар өзлериниң әзиз жанларын да қурбан етти. Олар «Илимнен басқа мәдат жоқ ҳәм болыўы да мүмкин емес» деген ҳәдиси шәрипти турмыслық исеним деп билди. Миллий ғәрезсизлик, раўажланыў ҳәм абаданшылыққа, бәринен бурын, ағартыўшылық арқалы, дүньялық ҳәм диний билим, заманагөй илим-өнерлерди терең ийелеў арқалы ерисиў мүмкин, деп есаплады.

Бул дәўирде Абдулла Авлоний, Маҳмудхўжа Беҳбудий, Мунавварқари Абдурашидхонов, Убайдулла Хўжаев, Абдурауф Фитрат, Исҳақхан Ибрат, Абдулҳамид Шолпан, Абдулла Қадирий, Ашурали Заҳирий, Ҳажы Муин ҳәм басқа да және жүзлеген уллы инсанлар миллий ояныў ҳәм миллетти сүйиўшилик ҳәрекетиниң алдынғы қатарларында турды. Олар жаңа усыл мектеплери менен бир қатарда, адамлардың дүньяқарасы ҳәм турмыс тәризин өзгертиўге қаратылған газета-журналлар, баспа ҳәм китапханалар, театрлар шөлкемлестирди.

Тилекке қарсы, жадид бабаларымыз өз алдына қойған ийгиликли мақсетлерди әмелге асырыўға сол дәўирдеги жағдай, жәмийетлик дүзим жол қоймады. Ағартыўшылық пидайылары сол дәўирдиң түрли надан кимселериниң дөҳмет-жалаларына дуўшар болды. Дәслеп патша ҳүкимети, кейин ала совет ҳүкимети оларды аяўсыз қуўғын ҳәм репрессияға ушыратты. Усылайынша миллий ояныў ҳәм раўажланыў ҳәрекети ел-журтымыз ушын әрман болып қалды.

Ўатанымыздың азатлығы ҳәм халқымыздың бахыт-ығбалы жолында жанын пидә еткен жадидлердиң илимий-ағартыўшылық, әдебий-көркем мийрасы биз ушын бүгин де шексиз әҳмийетке ийе.

Бир ғана мысалға итибарыңызды қаратпақшыман.

Быйыл туўылғанының 145 жыллығы белгиленип атырған уллы ағартыўшы бабамыз Маҳмудхўжа Беҳбудий өз ўақтында биз ушын еки емес, төрт тилди билиў зәрүр, деп жар салған еди. Беҳбудий бабамыздың бул шақырығы ҳәзир де оғада әҳмийетли болып тур.

Қәдирли муғаллимлер, мен бүгин Муғаллимлер ҳәм устазлар байрамы мүнәсибети менен бир топар ўатанласларымызды сыйлықлаў ҳаққындағы Пәрманға қол қойдым. Мине усындай журтласларымыз арасында Ўатанымыздың ғәрезсизлиги, халқымыздың азатлығы ҳәм еркинлиги, абат ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў жолында пидәкерлик көрсетип, миллий тәлим-тәрбия системасын жаратыўға шексиз үлес қосқан Абдулла Авлоний, Маҳмудхўжа Беҳбудий ҳәм Мунавварқари Абдурашидхонов  «Буюк хизматлари учун» ордени менен сыйлықланғанын сизлерге ҳәм пүткил елимизге қанаатланыўшылық пенен айтпақшыман.

Ҳәзирги ўақытта тоталитар дүзим дәўиринде сиясий репрессия қурбаны болған ата-бабаларымыздың өмири ҳәм хызметлерин, атап айтқанда, жадидлер мийрасын және де терең үйрениў ҳәм олардың естелигин мәңгилестириў бойынша қарар жойбары таярланбақта.

Ҳүрметли дослар!

«Аққан дәрья – ақпай қалмайды», дейди дана халқымыз. Бүгин уллы бабаларымыздың бийбаҳа мийрасына таянып, жаңа Ренессанс тийкарын жаратыў ушын бизде барлық имканиятлар бар, деўге толық тийкарларымыз бар. Ҳәмме гәп мине усы имканиятлардан қай дәрежеде ақылға уғрас пайдалана алыўымызға байланыслы.

Бул пикирлерге бир мысал келтирмекшимен.

Билесизлер, Қаракөл районында ҳәммемизге белгили бир мектеп бар. Бул мектепти атақлы еткен пидайы муғаллим Тохтамурат Жумаев исмин де бәршемиз жақсы билемиз. Бул әжайып педагог өзиниң тынымсыз излениўи, жаңа тәлим методикасы менен әпиўайы бир аўыл мектебин республика дәрежесиндеги белгили билимлендириў дәргайына айландырды. Неге дегенде, бул мектеп Бухараның алыс шөл районында жайласқан болып, заманагөй шараятқа, қолайлы имканиятларға да ийе емес еди.

Бүгин усы мектеп питкериўшилериниң 95 проценттен асламы жоқары оқыў орынларына оқыўға кирмекте. Халықаралық олимпиадалардан ең көп медаль алып келип атырғанлар да әне усы мектептиң оқыўшылары есапланады. Мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан, ҳәттеки пайтахт Ташкенттен де адамлар өз перзентин қаракөлге алып барып, мине усы мектепке оқыўға берип атыр.

Биз бул билимлендириў дәргайы ерисип атырған үлкен табысларды инабатқа алып, өткен жылы оны Халықаралық математика мектебине айландырдық.

Тохтамурат муғаллим де, жадид бабаларымыз сыяқлы, тынымсыз ҳәм пидәкерлик пенен мийнет етип, ҳәзирги дәўирдиң жаңа усыл мектебин жаратыўға еристи.

Мине, бүгинги күнимиздиң ҳақыйқый ағартыўшысы, дәўиримиздиң Авлонийи, Беҳбудийи, Мунавварқарийи!

Бундай үлкен нәтийжеге ерисиў ушын әлбетте, өзине тән оқытыў системасы болыўы керек. Соның менен бирге бундай табыслардың тийкарында инсанның өз кәсибине, Ўатанына меҳри ҳәм садықлығы, жоқары жуўапкершилик туйғысы жәмленген, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Мине усы мектепте Тохтамурат ағаның басшылығында ҳәр бир муғаллим шәкиртлерин өз баласындай көрген, бул жерде ҳақыйқый дөретиўшилик жарыс орталығы қәлиплескен ҳәм бул жумыслар бүгин өзиниң мүнәсип нәтийжесин бермекте.

Шебер педагог Тохтамурат Жумаев тәлим-тәрбия тараўында ерискен үлкен табыслары ҳәм ибратлы жумыслары ушын Президент Пәрманына тийкарланып елимиздиң жоқары сыйлығы ­ «Буюк хизматлари учун» ордени менен сыйлықланды.

Пурсаттан пайдаланып, Тохтамурат ағаны ҳәм сыйлыққа миясар болған барлық муғаллим ҳәм устазларымызды өзимниң атымнан, халқымыз атынан шын кеўилден қутлықлайман.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары, усы жерде сораў туўылады: Қаракөл мектеби биз ушын заманагөй мектептиң ҳақыйқый үлгиси емес пе? Не ушын Халық билимлендириў министрлиги оның сийрек ушырасатуғын тәжирийбесин жетерлише ғалаба ен жайдырмай  атыр? Не ушын басқа мектеп директорлары бул билимлендириў дәргайынан ибрат алмай атыр? Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов неге үш жылдан берли бул айрықша мәселеге жетерлише итибар бермей атыр?

Тилекке қарсы, ҳәммемиз «Алдыңнан аққан суўдың қәдири жоқ», деп, бийпәрўа болып жүрмиз.

Не ушын басқа ўәлаятларда, айтайық, Әндижанда, Ферғана, Самарқанд, Хорезм яки Қаршыда, Жиззақ ҳәм Сырдәрьяда бундай мектеплер жоқ?

Соның менен бирге, бүгинги кунде бизге мине усындай жүзлеген мектеплер, өз кәсибиниң ҳақыйқый шебери ҳәм пидайысы болған мыңлаған устазлар суў менен ҳаўадай зәрүр.

Усы мүнәсибет пенен Халық билимлендириў министрлиги аймақлардың басшылары менен биргеликте ҳәр бир районда кеминде биреўден мине усындай мектеп жаратыў илажларын көриўи зәрүр.

Президенттиң ҳәр бир аймақтағы ўәкиллери, ҳәр бир ўәлаят ҳәм районның жетекшилери ­ бул ҳәкимлер. Маъмун академиясының бесиги, Муҳаммед Хорезмий журты болған Хорезм, Мырза Улығбек камалға келген Самарқанд, дүньяға Бабур Мырзаны берген Әндижан, Аҳмед Ферғанийдиң ўатаны болған Ферғана ўәлаятларының ҳәкимлери бүгин бул ақсаўшылық ҳәм бийпәрўалық ҳаққында не дейди?

Өзиңиз басшылық етип атырған ўәлаятларда мине усындай үлгили мектеплер шөлкемлестириў ушын сизлерге алты ай мүддет беремиз.

Әлбетте, жаңа мектеплерди қурыў, шырайлы етип үскенелеў, безеў мүмкин, лекин, оларды заманагөй мәнис-мазмун, илим-билимлендириў, тәрбия менен толықтырыў қолымыздан келе ме?

Бул әҳмийетли мәселе үстинде ҳәкимлер менен Министрлер Кабинети, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары биргеликте айрықша ислеўи талап етиледи.

Әзиз дослар!

Биз үшинши Ренессанс мәселесин стратегиялық ўазыйпа сыпатында алдымызға қойып, оны миллий идея дәрежесине көтермектемиз.

Биз мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мектеп билимлендириўи, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасы және илимий-мәдений мәкемелерди болажақ Ренессанстың төрт байланысқан шынжыры, деп билемиз. Бақша тәрбияшысы, мектеп муғаллими, профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий-дөретиўши зыялыларымызды болса жаңа Ояныў дәўириниң төрт таяныш тиреги, деп есаплаймыз.

Ҳүрметли ата-аналар бул басламаны әлбетте, қоллап-қуўатлап, жаңа Ренессанстың бесинши шынжыры, бесинши тиреги болады. ҳәм бул руўхый-ағартыўшылық турмысымыздағы ең беккем тирек болады, десем, сизлер толық қоллап-қуўатлайсызлар, деп исенемен.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Бәршеңиз хабардарсыз, бүгин елимизде бир-бири менен тығыз байланысқан әҳмийетли тараўларды, яғный, мектепке шекемги билимлендириў, мектеп ҳәм жоқары билимлендириў системалары, илимий-изертлеў мәкемелерин раўажландырыў бойынша үлкен өзгерислер әмелге асырылмақта. Лекин, сыр емес, мектепке шекемги билимлендириў тараўы бул бағдардағы реформалардан жақын ўақытқа шекем шетте қалып келди.

Ҳақыйқатында болса, перзентлеримиз тәрбиясында ең тийкарғы буўын есапланған мектепке шекемги билимлендириў системасының жәмийетимиз турмысындағы орны ҳәм әҳмийетин ҳеш нәрсе менен өлшеп болмайды. Әйне мектепке шекемги билимлендириў тараўына болған итибар мәмлекеттиң ертеңги раўажланыўы ушын беккем тийкар жаратады. Усыларды нәзерде тутып, биз елимизде биринши мәрте Мектепке шекемги билимлендириў министрлигин шөлкемлестирдик.

Бүгин ири қалаларымыздан тартып, шетки районлар, аўыл ҳәм посёлкаларымызда жаңадан-жаңа заманагөй бақшалар қурылмақта. Қысқа ўақыт, яғный, төрт жыл ишинде республикамызда бақшалар саны 3 есеге артып (5 мың 200 ден 14 мың 200 ге шекем), балаларды қамтып алыў дәрежеси 28 проценттен 54 процентке жеткени мине усындай әмелий ҳәрекетлеримиздиң нәтийжеси болып табылады.

Тараўға мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизминиң енгизилиўи себепли 223 мыңнан аслам орынға ийе болған 7 мың 400 жеке меншик бақша шөлкемлестирилди. Бул мақсетлер ушын 1 триллион 850 миллиард сум жеңилликли кредит қаржылары ажыратылып, 20 мыңға шамалас жаңа жумыс орны жаратылды.

Көринип турғанындай, дәслепки нәтийжелер жаман емес. Бирақ, еле бул бағдарда ислейтуғын жумысларымыз баршылық.

Тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик системасын раўажландырып, мәмлекетлик емес сектордың үлесин 75 процентке жеткериў, мектепке шекемги билимлендириўге қамтыўды болса 80 проценттен арттырыў зәрүр.

Балалар бақшалары ушын кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығынқәнигелигин арттырыўдың әмелдеги системасы дәўир талапларына жуўап бермейди. Қала берсе, мектепке шекемги билимлендириўде заманагөй оқытыў усыллары, жаңа педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологияларын енгизиў мәселеси де әҳмийетли болып тур.

Министрлер Кабинети еки ай мүддетте мектепке шекемги билимлендириў тараўындағы бул әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўы бойынша ҳүкимет қарарын қабыл етсин.

Ҳүрметли дослар!

Халқымыз ҳәмийше устазларды қәдирлеп, олардың ҳүрмет-иззетин орнына қойып келген. «Устаз атаңдай уллы» деген ҳикметли нақыл да бийкарға айтылмаған. Енди мине усы сөзлерди қағазда емес, әмелде көрсететуғын, оқытыўшы-муғаллимниң қәдирин орнына қоятуғын пайыт келди.

Мен бул гәплерди не ушын айтып атырғанымды ҳәммеңиз жақсы түсинип турыпсыз, әлбетте.

Жасырып не қыламыз, көп жыллар даўамында оқытыўшыға итибар бойынша сөзимиз басқа, исимиз басқа болып келди. Ақыбетинде тараў хызметкерлери мисли керексиз ҳәм қорғаўсыз қатламга айланып қалды. Мектеп муғаллимлериниң тийкарғы ўазыйпасы бир шетте қалып, оларды өзлерине пүткиллей қатнасы болмаған жумысларға тартыў терең тамыр жайды. Және де ашығырақ айтсақ, муғаллимлердиң «хожейини» көбейип кетти. Бундай жөнсиз ислер тек билимлендириў сапасына ғана емес, ал, тараў хызметкерлериниң өз кәсибине болған мүнәсибетине де унамсыз тәсир көрсетти. Қаншадан-қанша тәжирийбели муғаллимлер қәлби жарақатланып, сүйген кәсибин илажсыз таслап кеткенин де билемиз.

Мине, жақынға шекем оқытыўшы-муғаллимлер, айырым жерлерде оқыўшылар да, төрт айлап пахта жыйын-терими, отақ ҳәм чеканкаға шығарылғаны сыр емес. Нәтийжеде оқытыўшы бир айда орташа 80 саат сабақ өтиўи керек болса, төрт айда 320 саат жоғалтатуғын жағдай жүзеге келди. Өз гезегинде, оқыўшы бир айда 136 саат сабақ алатуғын болса, төрт айда 544 саат сабағын қолдан бериўге мәжбүр болды.

Егер бул цифрларды он бир жылға көбейтсек, билесиз бе, қанша болады? Бул, ақыры жоқары класс оқыўшылары ушын белгиленген 8,5 мың саатлық оқыў бағдарламасының дерлик 3 мың сааты ­ 30 проценти атызда мәжбүрий мийнетте өтти, дегени емес пе? Басқаша айтқанда, бала 11 жыл орнына тек 7 жыл оқыўға мәжбүр болды.

Жаратқанға шүкир, бундай унамсыз жағдайлар енди тарийхта қалды. Ҳәмме тараўды өз ийесине, атап айтқанда, аўыл хожалығын да фермер ҳәм кластерлерге тапсырып атырғанымыз себепли буған ериспектемиз.

Кейинги төрт жылда мектеп муғаллимлериниң айлық мийнет ҳақысы бир ярым есе көбейтилди. Мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланып атырған устазлар саны артып бармақта. Муғаллим таярлайтуғын есабатлар, қағазпазлықлардың саны кескин азайтылды.

Өзиңиз ойлаң, төрт жыл бурын бундай өзгерислерди көз алдымызға келтирип болар ма еди?

Жәмийетте муғаллим ҳәм устазларға қаратылып атырған итибар себепли дерлик 15 мың ер оқытыўшы мектеплерге қайтты. Бирақ, соны атап өтиў керек, еле бул бағдарда гөзленген нәтийжеге ерискенимиз жоқ. Ҳәзирги күнде де халық билимлендириўиндеги педагоглардың дерлик 70 процентин ҳаял оқытыўшылар қурамақта.

Әлбетте, ҳәммемиз мектеп дәўирин еслегенимизде, көз алдымызға алды менен, талапшаң ҳәм меҳрибан класс басшымыз келеди. Не ушын? Себеби, мектептеги ҳәр бир қәдемимиз мине усы әзиз ҳәм мәртебели инсанлардың турақлы итибары ҳәм ғамқорлығында болған. Өмирге туңғыш жолламаны да бизге мине усы устазларымыз берген.

Сол себепли биз класс басшыларының машақатлы ҳәм жуўапкершиликли мийнетин мүнәсип хошаметлеў илажын көрип атырмыз. Атап айтқанда, 2020-жыл 1-октябрьден баслап 242 мың класс басшысы ушын қосымша төлем муғдары бир ярым есеге арттырылады. Бул мақсетлер ушын жыллық 400 миллиард сумнан аслам қосымша қаржы ажыратылады.

Орны келгенде айтпақшыман, мен бүгин қол қойған Пәрман менен биринши мәрте 14 класс басшысы мәмлекетимиздиң орден ҳәм медальлары менен сыйлықланды.

Муғаллимлердиң турақлы ҳәм үзликсиз психологиялық көнликпелерин раўажландырыў мақсетинде Халық билимлендириў министрлиги жанындағы аймақлық қәнигелигин арттырыў институтларында класс басшыларын таярлаў бойынша өз алдына оқыў курсларын шөлкемлестириў керек.

Бүгинги күнде жәмийетимизде муғаллим ҳәм устазлардың қәдди, абырайы ҳәм мақтанышының  тикленип атырғаны бәршемизди қуўандырады.

Соның менен бирге, бул оғада әҳмийетли мәселе ең актуал ўазыйпамыз екенин айрықша атап өтип, оны әмелге асырыў пүткил жәмийетимиздиң миннетине айланыўын қәлер едим.

Перзентлеримиз мектептен қаншелли билимли болып шықса, жоқары технологияларға тийкарланған экономика тармақлары сонша тез раўажланады, көплеген социаллық машқалаларды шешиў имканияты туўылады. Солай екен, Жаңа Өзбекстан босағасы мектептен басланады десем, пүткил халқымыз бул пикирди қоллап-қуўатлайды, деп ойлайман.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Мәмлекетимиздиң келешектеги раўажланыўын ойлап, оқытыўшы ҳәм муғаллимлердиң турмысымыздағы абырайын ҳәм статусын арттырыў мақсетинде олардың статусын нызам дәрежесинде белгилеўди усыныс етемен. Бул нызамда жасларға тәлим-тәрбия бериў процесинде оқытыўшылар өзлериниң потенциалын толық көрсетиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў, оларды социаллық, ҳуқықый, материаллық қоллап-қуўатлаў илажлары кепиллениўи керек. Атап айтқанда, мектеп директоры, оның орынбасары, класс басшысы, оқытыўшының статусы анық белгилениўи лазым.

Оқытыўшыларға үстемелер төлеў, оларды хошаметлеў нормалары да толық қайта көрип шығылыўы зәрүр. Әмелде бул мәселе оғада қыйынлығы ҳәм артықша қағазпазлықты талап ететуғыны да ҳақыйқат. Бунда көплеген ескирген нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер қайта көрип шығылып, бийкар етилсе, мақсетке муўапық болады, деп ойлайман.

Оқытыўшылардың ҳуқықлары мәмлекет қорғаўында болыўын, олардың кәсиплик жумысларына нызамсыз араласыў, басқа жумысларға тартыў жуўапкершиликке себеп болыўын қатаң белгилеў лазым.

Нызамда, сондай-ақ, мектеп директорына қойылатуғын талаплар, оның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумысларын баҳалаў нормалары және есабат бериў тәртибин белгилеў зәрүр.

Мектеп директоры лаўазымын таңлаў тийкарында, мектепти келеси 5 жылда раўажландырыў бойынша ең жақсы бағдарламаға ийе талабан ийелеўи керек. Енди мектеп директоры жыл жуўмағы бойынша бағдарламаның орынланыўы ҳаққында жергиликли кеңесте есабат береди ҳәм оның жумысларына халық ўәкиллери тәрепинен ашық-айдын баҳа берип барылады. Мектеп директорына интизамый жаза бериў ҳәм оны лаўазымынан азат етиў мәселелери де жергиликли кеңеслер менен келисилген ҳалда әмелге асырылыўы зәрүр.

Парламентимиз ағзаларынан жергиликли кеңеслердиң мектеплер менен ислесиў системасын айрықша қадағалаўға алып, бул процесслерге жақыннан жәрдем бериўин сорайман. Олий Мажлис палаталары (Т.Норбоева, Н.Исмоилов) еки ай мүддетте улыўма билим бериў мектеплери менен ислесиўди және де күшейтиў бойынша тийисли илажларды ислеп шығыўы мақсетке муўапық болады.

Келеси еки жыл даўамында мектеплерди материаллық-техникалық жақтан тәмийинлеў қәрежетлерин 2 есе арттырыў, оларды заманагөй инвентарьлар ҳәм көргизбели қураллар менен толық тәмийинлеў лазым.

Тилекке қарсы, бүгинги күнде районлық ҳәм қалалық халық билимлендириў бөлими баслықларының системадағы орны сезилмей атыр. Олардың жумысы тийкарынан хожалық жумысларын қадағалаў ҳәм тийисли жаза шараларын қолланыўдан ибарат болып, билимлендириўдиң сапасы менен шуғылланыў екинши дәрежели мәселеге айланып қалған. Бул басшылардың системадағы ролин қайта көрип шығыў ҳәм олардың статусын арттырыўды дәўирдиң өзи талап етпекте. Буннан былай районлық халық билимлендириў бөлиминиң баслықлары ҳәкимниң билимлендириў бойынша мәсләҳәтшиси сыпатында жумыс алып барады ҳәм тиккелей ҳәкимлик имаратында отырады. Соған сәйкес түрде оларға зәрүр ўәкилликлер бериледи.

Буннан тысқары, билимлендириў тараўын раўажландырыў мақсетинде район ҳәм қалаларда өз алдына қор шөлкемлестирсек, не дейсиз?

Қордың қаржылары алдынғы ҳәм үлгили мектеп басшылары және халық билимлендириў бөлимлери методистлерин хошаметлеўге жумсалады.

Министрлер Кабинети (Ж.Қўчқоров), қаржы министрлиги (Т.Ишметов) бир ай мүддетте усы қорды шөлкемлестириў ҳәм оның қаржы дәреклерин қәлиплестириў бойынша қарар жойбарын таярласын.

Қәдирли дослар!

Кейинги ўақытта мәмлекетимизде мектеп билимлендириўи улыўма миллий ҳәрекетке айланып, тараўдың раўажланыўында жаңа дәўир басланғанынан хабардарсыз. Мине усы ҳәрекеттиң әмелий көриниси сыпатында соңғы еки жылда 556 миллиард сум қаржы есабынан 77 жаңа мектеп қурылды. 1 мың 930 мектепте қайта қурыў ҳәм оңлаў жумыслары орынланды.

Ҳәзирги ўақытқа шекем бар болған аўыл мектеплериндеги «қолбала печка»лар да толық алмастырылмақта. Жүзлеген мектеплерде электр энергиясы, таза ишимлик суў менен тәмийинлеў, жылытыў системасы жақсыланды, асхана, спорт заллары ҳәм басқа да зәрүр имаратлар қурылды. 6 мыңға шамалас мектеп жоқары тезликтеги Интернетке жалғанды.

Соның менен бирге, жеке меншик билимлендириў системасына кең жол ашылмақта. Бул бағдарда лицензия алыў тәртиби әпиўайыластырылды. Өткен үш жыл даўамында олардың саны 6 есеге артып, 140 қа жеткени дыққатқа ылайық.

Пүткиллей жаңаша мазмун ҳәм формаға ийе болған Президент мектеплери менен дөретиўшилик мектеплери бойынша жумыслар жедел даўам еттирилмекте.

Математика ҳәм химия-биология пәнлерин раўажландырыў бойынша қарарлар қабыл еттик. Оларға тийкарланып ҳәр бир район ҳәм қалада мине усы пәнлерге қәнигелескен мектеплер басқышпа-басқыш шөлкемлестириледи. Усы жылдың өзинде математика бағдарында 56, химия-биология бағдарында 27 мектептиң шөлкемлестирилгени бул жумыслардың басланғаны болып табылады.

Математика, химия, биология, мәлимлеме системалары ҳәм информатика пәнлери бойынша сертификация системасын енгизиўди басладық. Орта билимлендириў системасында талантлы оқыўшылар ҳәм оқытыўшылардың билимин баҳалаў системасын кеңейтиў мақсетинде басқа тийкарғы пәнлер бойынша да сертификация системасын енгизиў зәрүр.

Хабарыңыз бар, пайтахтымызда Муҳаммед Хорезмий атындағы мәлимлеме-коммуникация технологияларына қәнигелескен жаңа мектеп аштық. Соның менен бирге перзентлеримиздиң «ай-ти» технологияларға қызығыўшылығын және де арттырыў ҳәм олардың жетик қәниге болып жетилисиўи ушын шараят жаратыў мақсетинде быйылғы жылда ­ 14, келеси жылда ­ 82, 2022-жылда ­ 64, 2023-жылда ­ 45 мәлимлеме технологиясына қәнигелескен мектеплер шөлкемлестириледи ҳәм барлық район ҳәм қалалар қамтып алынады.

Оқытыўшылардың жумысын жеңиллестириў ҳәм олардың потенциалынан ақылға уғрас пайдаланыў ушын келеси жылда билимлендириўди санластырыў жумысларын жуўмақлап, «Онлайн мектеп», «Санлы ҳәм қәўипсиз мектеп», «Электрон сабақлық», «Электрон күнделик» сыяқлы системалар енгизиледи. 2020-жылдың ақырына шекем мектеплерди кең полосалы Интернет тармағына жалғаў дәрежеси 70 процентке жеткериледи. Келешекте барлық мектеплер 100 процент Интернет пенен тәмийинленеди ҳәм буның ушын Мәмлекет бюджетиниң қаржылары ажыратылады.

Биз халықаралық пән олимпиадаларының жеңимпазлары ҳәм олардың оқытыўшыларын хошаметлеў системасын жолға қойдық. Бурын олимпиадада алтын яки гүмис медаль алса, сыйлы орынды алған оқыўшыға да, оны таярлаған оқытыўшыға да ары барса бир ҳүрмет жарлығы берилер еди. Ҳәзир олар миллионлап ақшалай сыйлық пенен сыйлықланбақта.

Бул хошаметлеў системасының әмелде унамлы нәтийже бере баслағанын айрықша атап өтпекшимен. Пандемия шараятына қарамастан, оқыўшы жасларымыз халықаралық пән олимпиадаларында белсене қатнасып, жоқары орынларды ийелеп атырғаны бәршемизди қуўандырады. Атап айтқанда, быйыл 28 талантлы ул-қызымыз мине усындай олимпиадаларда 2 алтын, 8 гүмис, 15 қола медаль ҳәм де 3 дипломды қолға киргизгени айрықша итибарға ылайық.

Бул бағдардағы жумысларымызды жаңа басқышқа көтериў мақсетинде, Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Пән олимпиадалары бойынша талантлы оқыўшылар менен ислесиў департаментиниң жумысын күшейтиў, министрдиң биринши орынбасарын бул мәселе бойынша тиккелей жуўапкер етип белгилеў лазым.

Биз кейинги пайытта билимлендириў тараўында пүткиллей жаңа система жаратыў мақсетинде шөлкемлестириўди баслаған Президент ҳәм дөретиўшилик мектеплериниң жуўапкершилигине барлық улыўма билим бериў мектеплери ушын өрнек ҳәм үлги болыў ўазыйпасы жүкленген. Тилекке қарсы, Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлигиниң (С.Бобохўжаев) бул бағдардағы жанкүйерлиги ҳәм интакерлиги елеге шекем сезилмей атыр.

Әйне пайытта, гөзлеген мақсетлеримизге ерисиў ушын, мектептиң де жуўапкершилигин арттыратуғын ўақыт келди. Бул ­ дәўир талабы. «Шаппат еки қолдан шығады», дейди халқымыз.

Бүгин тезлик пенен раўажланып атырған заман ҳәр биримизден тынымсыз изленип, инта көрсетип, жаңаша ислеўди талап етпекте.

Бир ойлап көрейик, неге қаншадан-қанша мектеплерде питкериўшилердиң 10 проценти де жоқары оқыў орынларына кире алмай атыр? Ата-аналар репетитор жаллап, пул төлеп балаларын оқыўға таярлаўға мәжбүр болмақта.

Сораў туўылады: не ушын көпшилик мектеплеримиз 11 жыл оқытқан оқыўшылар жоқары оқыў орнына кире алмай атыр, репетитор 2 жылда буған ериспекте?

Бул сораўлар ҳәр бир мектеп оқытыўшысы, жәмәәти ҳәм директорын, ҳәр бир ҳүжданлы педагогты ойландырыўы зәрүр, деп ойлайман.

Енди мектеп жәмийетшилик алдында есабат беретуғын болады. Мектепти питкерген оқыўшы жоқары оқыў орнына кириўи керек яки мектеп дәўиринде-ақ қандай да бир кәсип-өнерге ийе болыўы шәрт. Әне усы критерия тийкарында мектеп жәмәәти ҳәм директорының жумысына баҳа бериледи.

Бүгин ҳәр бир муғаллим ҳәм тәрбияшы, жоқары оқыў орнының  оқытыўшысы билимлендириў ҳәм илим тараўындағы ең соңғы унамлы жаңалықларды оқыў процесслерине енгизе алатуғын, терең билим ҳәм көзқарас ийеси, бир сөз бенен айтқанда, заманымыз ҳәм жәмийетимиздиң ең алдынғы ўәкиллери болыўы керек.

Бундай устазлардың қолында тәлим алған перзентлеримиз биз әрман еткен Өзбекстанның жарқын келешегин жаратыўға уқыплы әўлад болып жетилиседи. Лекин, бундай жоқары нәтийжелерге ерисиў ушын билимлендириў системасында орын алған машқалаларды шешиўимиз лазым.

Бүгин анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасының қурамалы дүзилгени, оларда теориялық билимлердиң әмелият пенен байланыспағаны, оқыў бағдарламаларында избе-излик жоқлығы, сабақлықлардың мазмуны ҳәм сапасы қанаатландырарсыз екени ҳақылы наразылықларға себеп болмақта. Әмелдеги билимлендириў стандартлары ҳәм оқыў бағдарламалары тийкарынан оқыўшыны тәлимниң гезектеги басқышына таярлаўға бағдарланған болып, оларды еркин пикирлеў ҳәм бийғәрез турмысқа таярлаў мәселеси итибардан шетте қалмақта. Бундай жағдайларға шек қойыў ушын, сырт елли экспертлер ҳәм тәжирийбели оқытыўшыларды кеңнен тартқан ҳалда, улыўма билим бериўдиң Миллий оқыў бағдарламасы жойбарын ислеп шығыў ҳәм быйылғы оқыў жылы даўаммында оны илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелеринде сынақтан өткериў лазым.

Сондай-ақ, улыўма билим бериў мектеплеринде сабақлық ҳәм оқыў-методикалық комплекслерди тәжирийбе-сынаўдан және сырт елли қәнигелердиң қатнасыўында экспертизадан өткериў системасы жаратылмаған. Мектеп сабақлықларын жаратыў ҳәм басып шығарыўды тәртипке салыў мәселеси де әҳмийетли болып қалмақта.

Сол себепли Республикалық билимлендириў орайының жумыслары заман талаплары тийкарында түпкиликли қайта көрип шығылып, жетилистирилиўи керек. Бул орайдың жумыслары Министрлер Кабинетинде Бас министрдиң орынбасары Б.Мусаев тәрепинен жеке муўапықластырылыўы ҳәм қадағалаўға алыныўы зәрүр.

Баслаўыш класслардан баслап перзентлеримиздиң қызығыўшылығын ҳәм қәбилетлерин анықлаў, келешекте оларды қәнигелестирилген классларда оқытыўды даўам еттириў системасын енгизиў лазым. Буның ушын Халық билимлендириў министрлиги, Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекция гезектеги оқыў жылынан баслап 4-класс питкериўшилерин пәнлер бойынша таңлаў ҳәм бағдарлаў тәртибин әмелиятқа киргизиўи керек.

Ҳәзирги пайытта улыўма билим бериў мәкемелериниң жоқары мағлыўматлы педагог кадрлар менен тәмийинлениў дәрежеси 87 процентти қурайды. Көплеген мектеплер, әсиресе, шетки аймақлардағы билимлендириў дәргайларында бир қатар пәнлер бойынша квалификациялы муғаллимлер жетиспей атыр. Усы мүнәсибет пенен педагог кадрларды таярлаў мәселеси ҳәмийше итибарымыз орайында турыўы зәрүр.

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басшылары өз аймағындағы педагог кадрлар таярлайтуғын университет ҳәм институтлар менен терең ислесиўи керек. Бул жоқары билимлендириў дәргайларының профессор-оқытыўшыларына ипотека ҳәм тутыныў кредитлерин ажыратыў, олардың денсаўлығын беккемлеў, санаторий ҳәм курортларда емлениўин шөлкемлестириў мәселелери аймақ басшысының жеке қадағалаўында турыўы лазым. Себеби, итибар қарататуғын болсақ, орынлардағы барлық қәнигениң ­ фермер яки инженерди аласыз ба, басқа кәсип ўәкиллерин аласыз ба, ҳәммесине итибар ҳәм ғамқорлық ететуғын шөлкемлер бар. Тек оқытыўшының, оқытыўшы таярлайтуғын институтлардың, айтыў керек болса, орынларда «ийеси» жоқ.

Тәкирар айтаман, енди бул мәселе менен ҳәкимлердиң жеке өзи шуғылланады.

Бүгинги тез өзгерип атырған заманда, барлық тараўларда хызметкерлердиң билим ҳәм қәнигелигин турақлы арттырып барыў шешиўши мәселеге айланған бир пайытта педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў системасы бул талаплардан артта қалмақта.

Халық билимлендириў министрлигиниң Абдулла Авлоний атындағы Халық билимлендириў системасының басшы ҳәм қәниге хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў институты бар. Тилекке қарсы, бул институттың аты затына сай емес. Уллы ағартыўшы алға қойған ҳәм табыслы әмелге асырған идеялар, заманагөй тәлим методикасын ислеп шығыў мәселелери институт жумысында өзиниң әмелий көринисин таба алмай атырғанын айтыўға мәжбүрмиз.

Усы мүнәсибет пенен мектеп директорлары ҳәм оқытыўшыларының қәнигелигин арттырыў системасын сын көзқарастан көрип шығыў зәрүр. Бул бағдарда Абдулла Авлоний атындағы институт жумысларын түпкиликли қайта шөлкемлестириў талап етиледи.

Бул билимлендириў дәргайы аймақлардағы университетлер ҳәм педагогикалық институтлар менен биргеликте районлық халық билимлендириў бөлими баслықлары ҳәм мектеп директорларының маманлығын арттырыў, оқытыўдың заманагөй методикаларын жаратыў, аралықтан билим бериў мәселелерине айрықша итибар қаратыўы керек.

Тараўда бәсекини тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерин де тәжирийбе арттырыў ҳәм қайта таярлаў системасына тартыў ўақты келди. Бул процессте оқытыў қәрежетлерин қаплаў ушын Мәмлекет бюджетинен қаржы ажыратылады.

Өрнек көрсеткен оқытыўшылар ушын мәжбүрий тәжирийбе арттырыў талапларын бийкар етиў, олардың жумысларын тиккелей оқыўшылары алған билим дәрежеси менен баҳалаўды нәзерде тутыў лазым. Оқыўшылары халықаралық пән олимпиадаларында жеңимпаз болған педагогларға жоқары маманлық категориясы тиккелей берилиўи керек.

Ендигиден былай халық билимлендириўи хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаўдың жаңа системасы енгизиледи. Яғный, оқытыўшылар тиккелей қәнигелик арттырыў орайларына бармастан, аралықтан турып өзиниң кәсиплик көнликпелерин турақлы раўажландырыў имканиятына ийе болады. Буннан тысқары, билимлендириўдиң сапасын арттырыўға көмеклесетуғын ҳәм оқытыўшылардың турақлы кәсиплик раўажланыўына әмелий жәрдем көрсететуғын устаз-шәкирт системасы шөлкемлестириледи ҳәм олардың мийнети мүнәсип хошаметленеди.

Мектеплерде информатика, химия, шет тиллери сыяқлы пәнлер бойынша оқытыўшылардың жетиспеўшилигин сапластырыў мақсетинде педагогикалық болмаған бағдарлар бойынша жоқары билим алып атырған жаслар ушын қысқа мүддетли педагогикалық курслар шөлкемлестириледи.

Муғаллим ҳәм оқытыўшылардың билимин ҳәм маманлығын аттырыў ҳаққында айтқанда, бүгин жәмийетимизде әҳмийетли болып турған және бир мәселеге тоқтап өтиў зәрүр, деп ойлайман.

Айтыңызшы, оқытыўшы өз үстинде ислеўи, билим ҳәм шеберлигин арттырыўы ушын қосымша методикалық жәрдемди қай жерден алады? Әлбетте, усы тараўға байланыслы китап ҳәм қолланбалардан, арнаўлы педагогикалық басылымлардан алады.

Тилекке қарсы, биз кейинги жылларда «мәжбүрий жазылыў» бәнесинде ықтыярый жазылыўды да жоқ еттик. Буның нәтийжесинде мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларының оқытыўшы ҳәм устазлары өзлери ушын зәрүр болған газета ҳәм журналлардан ажыралып қалды. Сондай аянышлы жағдайға келдик, ҳәтте айырым басшылар газета оқымаслығы менен мақтанатуғын болды.

Өзиңиз билесиз, дүньяда компьютер технологиялары ең раўажланған мәмлекетлерден бири бул ­ Япония. Лекин, бул мәмлекетте күнине 3-4 миллион нусқада басып шығарылатуғын газеталар барлығына не дейсиз? Соны айтпақшыман, турмысымызда радио-телевидение, Интернет пенен бирге басылымлардың да өз орны бар.

Бүгинги күнде басылымларды билимлендириў мәкемелерине, оқытыўшы-профессорларға жеткерип бериў де үлкен машқалаға айланған. Себеби, бул бағдарда жаңалық тарқатыў ҳәм почта системасының жумысы пүткиллей талапқа жуўап бермейди.

Усы мүнәсибет пенен Министрлер Кабинети бир ай мүддетте басылымлардың жумысларын қоллап-қуўатлаў, атап айтқанда, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларын педагогикалық хызмет ушын зәрүр басылымлар менен тәмиийнлеў, олардың китапханаларын оқыў ҳәм көркем әдебиятлар менен толықтырыў илажларын ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын.

Оқыўшылардың қәбилетин жүзеге шығарыў, бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўге қаратылған бес әҳмийетли баслама шеңберинде де унамлы жумыслар алып барылмақта. Бул бағдардағы әмелий ҳәрекетлерди даўам еттириў, әсиресе, музыка ҳәм көркем өнер, мәлимлеме технологиялары ҳәм спорт дөгереклериниң жумысларын және де раўажландырыў, оларды зәрүр қурал ҳәм инвентарьлар менен толық тәмийинлеў айрықша дыққат орайында болыўы лазым.

Ҳәммемизге белгили, бүгинги қурамалы глобалласыў дәўиринде жәмийетимизде миллий идея ҳәм идеологиялық иммунитетти күшейтиў, жасларымызды түрли зыянлы идея ҳәм қәўиплерден сақлаў, оларды өзиниң еркин пикирине ийе, күшли, пидайы ҳәм ўатансүйиўши инсанлар етип тәрбиялаў ҳәр қашанғыдан да айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Сол себепли биз биринши мәрте улыўма билим бериў мектеплеринде «Тәрбия» пәнин енгизип атырмыз.

Ағартыўшы бабамыз Абдулла Авлонийдиң әсирлик қәдириятларымыз тийкарында жаратқан «Түркий «Гүлистан» яки әдеп-икрамлылық» шығармасы шығысқа тән тәрбияның сийрек ушырасатуғын қолланбасы сыпатында бүгинги күнде де өзиниң қәдири ҳәм әҳмийетин жойытқан емес. Биз «Тәрбия» пәниниң теориялық тийкарларын ислеп шығыўда мине усындай бийбаҳа шығармалардан нәтийжели пайдаланыўымыз зәрүр.

Хабарыңыз бар, бир жыл бурын өткерилген селектор мәжилисинде халық билимлендириўин раўажландырыўды улыўмамиллий мақсет, улыўмахалықлық ҳәрекет сыпатында белгилеп алған едик. Бул ҳәрекет шеңберинде барлық буўындағы басшылар ҳәм олардың орынбасарлары мектеплерди аталыққа алған еди. Соннан кейин ҳәкимлеримиз «урра-уррашылық» пенен бир мүддет мектепке киргендей болды, буны «көк экран»да да көрсетти. Лекин, усының менен тамам ­ мектеп есимизден шықты.

Тәкирар айтаман, бүгин мектепке кирмеген, мектептиң, жас әўладтың дәрти-тәшўишлери менен жасамаған басшыны ертең турмыстың өзи қабыл етпейди.

Ҳәзирги ўақытта аўыл хожалығы тараўында да институционал реформалар алып барылмақта. Енди ҳәкимлер жумыс ўақтының тек 10-15 процентин аўыл хожалығы тараўына сарплайтуғын шараят жүзеге келмекте. Қалған ўақытта олар социаллық мәселелер, бәринен бурын, тәлим-тәрбия, мәнаўият пенен тиккелей шуғылланыўы лазым.

Мине, ҳәр бир ҳәким яки оның орынбасарлары ҳәмме фермерлерди атпа-ат биледи. Лекин, мектеп директорларын, алдынғы класс басшыларын, белсенди оқытыўшыларды ше? Бүгин бул бағдарда қайсы ҳәкимди ибрат, үлги етип көрсете аламыз? Тилекке қарсы, жуўап жоқ.

Буннан келип шыққан ҳалда, ҳәр бир ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкими ҳәптеде бир күнди әлбетте, мектепке бағышлаўы керек.

Мектеп машқаласына биринши дәрежели мәселе деп қараўымыз лазым. Мектеп ­ тек билим беретуғын дәргай емес, бәршемиз ушын жоқары мәнаўият бесигине, перзентлеримизди балалықтан баслап кәсипке үйретиўши дәргайға айланыўы зәрүр.

Быйылғы оқыў жылынан баслап профессионал билимлендириў системасында жаңа формадағы мәкемелер тармағы жолға қойылып атырғанынан бәршеңиз хабардарсыз. Атап айтқанда, халықаралық стандартларға сай 725 профессионал билимлендириў мәкемеси ­ кәсип-өнер мектеби, колледж ҳәм техникумлар жақын күнлерде өз жумысын баслайды. Оларда 200 мыңнан аслам оқыўшылар бүгинги талапларға жуўап беретуғын оқыў бағдарламалары тийкарында тәлим алады.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги халықаралық мийнет базарының талапларына жуўап беретуғын кадрларды таярлаў, профессионал билимлендириўдиң мазмуны ҳәм сапасын арттырыў бағдарламасын ислеп шықсын. Аймақлардың басшылары болса питкерип шығып атырған жас қәнигелерди мүнәсип жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында бас қатырыўы зәрүр.

Қәдирли ўатанласлар!

Бүгинги күнде дүньядағы абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелери илимниң ири орайлары есапланатуғыны ҳеш кимге сыр емес. Усыны есапқа алып, биз мәмлекетимиздиң жоқары билимлендириў системасында түпкиликли реформаларды әмелге асырып атырмыз. Жаңа-жаңа жоқары окыў орынлары, дүньядағы жетекши университетлердиң филиаллары шөлкемлестирилмекте.

Мысал ушын, соңғы 4 жылда мәмлекетимизде 47 жаңа жоқары билимлендириў мәкемеси, соның ишинде, сырт ел университетлериниң филиаллары шөлкемлестирилип, жоқары оқыў орынларының саны 125 ке жетти.

Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик системасы тийкарында мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысы жолға қойылмақта. Халықтың пикирин үйренген ҳалда, сыртқы ҳәм кешки билим бериў формаларын қайта тикледик, қабыллаў квоталары арттырылмақта. Мектеп питкериўшилерин жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси 2016-жылғы 9 проценттен 2020-жылы 25 процентке жеткен болса да, биз бул жумысларды және де кеңейтиўимиз зәрүр.

Профессор-оқытыўшылардың сырт еллердеги жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде тәжирийбе арттырыўы ҳәм стажировка өтеўин тәмийинлейтуғын механизм жаратылды. Олардың мийнет ҳақысы муғдары 2018-жылға салыстырғанда орташа 2,5 есе арттырылды. Быйылдан баслап 10 жоқары билимлендириў мәкемеси өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткерилди.

Соның менен бирге жоқары билимлендириў тараўында бир қатар машқалалар сақланып қалып атырғанын атап өтиў лазым. Бул машқалалар нелерден ибарат? Оларды шешиў ушын қандай илажларды әмелге асырыўымыз керек?

Бәринен бурын, тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў, әсиресе, аймақларда мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларын шөлкемлестириў әстелик пенен бармақта. Мине, Ферғанада Корея менен, Хорезмде Малайзия менен шерикликте жоқары оқыў орынлары шөлкемлестирилмекте. Лекин, не ушын басқа ўәлаятларда бундай ҳәрекетлер сезилмей атыр?

Көпшилик питкериўшилердиң билим ҳәм көнликпеси мийнет базары талапларына жуўап бермей атырғанын да тән алыўымыз керек. Жергиликли билимлендириў мәкемелеринде инновациялық жумыс ҳәм де изертлеў нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў дәрежеси жүдә төмен. Системада илимий дәрежели оқытыўшылардың үлеси орташа 37 процент екени бизди қанаатландырмайды. Аймақларда бул көрсеткиш буннан да төмен дәрежеде сақланып қалмақта.

Жоқары билимлендириў мәкемелерин илимий лабораториялар менен үскенелеў, системада мәлимлеме-коммуникация технологияларын қолланыў дәрежеси де төмен екенин атап өтиў лазым.

Сыр емес, бүгинги пандемия жүдә көп тараўлар қатарында денсаўлықты сақлаўдың илим бағдарында да еле билимлеримиз әззи екенин көрсетип қойды. Бәршемиз буннан терең жуўмақ шығарыўымыз керек.

Жоқары билимлендириў системасының ўазыйпасы тек студентлерге сабақ бериўден ибарат емес. Университет ҳәм институтларымыз илим тараўында да белсене ислеўи, жасларды илимий жумысларға, үлкен-үлкен жойбарларға тартыўы керек. Бул мәкемелерде илимий-изертлеў жумысларын және де раўажландырыў мақсетинде илимий-техникалық бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылатуғын жойбарлар көлемин 3 есе кеңейтиў, докторантураға қабыллаў квоталарын 4 есе көбейтиў зәрүр.

Бүгин «санлы экономика» деген түсиник дүньяда ең әҳмийетли мәселеге айланғанын бәршемиз көрип турмыз. Әйне пайытта мәлимлеме технологиялары тараўында терең билим ҳәм көнликпеге ийе болған, олардан өнимли пайдалана алатуғын заманагөй қәнигелер миллий экономикамыз ушын оғада зәрүр. Бәршемиз бул мәселени терең аңлаған ҳалда, усы мақсетке ерисиў ушын айрықша ҳәрекет етиўимиз шәрт. Бул иске бүгин кириспесек, ертең кеш болады.

Министрлер Кабинети бул тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығыўы зәрүр.

Ҳүрметли дослар!

Ядыңызда болса, мәмлекет басшысы сыпатындағы мениң биринши ушырасыўым 2016-жыл 30-декабрьде елимиз академиклери менен болып өткен еди. Бул пайытта Илимлер академиясы машқалалар батпағына батып қалған, оған ақырғы сайлаўлар 1995-жылы өткерилген еди. Ақыбетинде өткен дәўир даўамында академиклердиң саны 2 есе қысқарып, 63 академик ғана қалған еди.

Биз академияны, айтыў керек болса, реанимация жағдайынан шығарып, саламат, толық жумысқа қайтарыў ушын зәрүр әмелий илажларды көрдик. 32 жаңа академик сайланды. Илимлер академиясының жумысларын мәмлекет бюджетинен қаржыландырыў системасы жолға қойылды. Бир қатар илимий-изертлеў институтлары ҳәм орайлардың жумысы қайта тикленди. Атап айтқанда, 40 илимий лаборатория заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Бул мақсетлер ушын бир ғана Илимлер академиясының институтларына дерлик 300 миллиард сум қаржы ажыратылды.

Биз жәмийетимизде илим  қәдирин кескин арттырыў, илимпазлар ҳәм изертлеўшилер ушын шараятлар менен имканиятларды кеңейтиў жолында айрықша ҳәрекет етип атырмыз. Әйне пайытта соны атап өтиў лазым, сол ушырасыўда билдирилген көпшилик ўазыйпалар менен тапсырмалар бүгин де әҳмийетли болып, оларды толық әмелге асырыў ушын бәршемиз жуўапкермиз.

Илимлер академиясы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги бир ай мүддетте Өзбекстанда или тараўларын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы жойбарын киргизсин.

Жеке мен жанкүйер илимпазларымыз уллы бабаларымыздың илимий дәстүрлерин мүнәсип даўам еттирген ҳалда, илимди раўажланыўымыздың драйверине айландырып, мәмлекеттиң раўажланыўына хызмет ететуғын әҳмийетли ойлап табыўлар жарататуғынына исенемен.

Қәдирли ўатанласлар!

Бәршемиз жақсы билемиз, инсанның сана-сезими ҳәм дүньяқарасы, пикири өзгермесе, жәмийет өзгермейди. Жәмийет өзгермеген жерде ҳеш қандай унамлы нәтийже де, раўажланыў да болмайды. Адамлардың сана-сезими менен пикирин өзгертиўши күш болса, әлбетте, бәринен бурын, муғаллим-устазлар, жоқары оқыў орынларының оқытыўшылары, илим ғайраткерлери, мәденият ҳәм көркем өнер, әдебият ўәкиллери.

Бүгин биз жасап атырған жәмийетке жаңа пикир, жаңа идея, ең әҳмийетлиси, реформаларды әмелге асырыўға уқыплы болған жаңа әўлад кадрлары керек. Әлбетте, халқымыздың мәрдана мийнети, муғаллим ҳәм устазлардың жанкүйерлиги себепли билимлендириў тараўын түпкиликли модернизациялаў бойынша көп жумыс иследик. Лекин, ҳәммемиз жақсы түсинемиз, булар ­ үлкен мақсет жолында тасланған дәслепки қәдемлер ғана.

Бәршеңиз гүўасыз, бүгин заман тез пәт пенен өзгерип, барлық тараўлар қатарында билимлендириў системасының алдына да оғада әҳмийетли ҳәм қыйын ўазыйпаларды қоймақта. Биз дүнья көлеминдеги кескин бәсекиге шыдам бере алатуғын миллий билимлендириў системасын жаратыўымыз зәрүр. Усы мақсетте, бәринен бурын, билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын, кадрлар потенциалын беккемлеў, сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбаларын заман талаплары тийкарында жетилистириў, оқыў бағдарламалары ҳәм стандартларын оптималластырыў, тараў хызметкерлериниң мийнет ҳақысын басқышпа-басқыш арттырып барыў, олардың машақатлы мийнетин мүнәсип қәдирлеў буннан кейин де турақлы итибарымыз орайында болады.

Бүгин мен, бәринен бурын, тәлим-тәрбия тараўының пидайыларына, барлық ўатанласларымызға мүрәжат етип айтпақшыман: Әзиз дослар, егер умтылсақ, шын кеўилден ҳәрекет етсек, ҳәр қандай бәлент шекти ийелеў қолымыздан келеди. Биз билимлендириў бағдарында, егер айтыў керек болса, «жилиги майлы» халықпыз. Илимге умтылыў бизиң қанымызда, бүгинги тил менен айтқанда, генимизде бар.

Ҳәммемиз жақсы түсинемиз, үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў ­ бес-он жылда болатуғын ис емес. Буның ушын, бәринен бурын, жүзлеген, мыңлаған талантлы кадрлар, пидайы шахслар керек.

Биз Қудай берген талантқа күтим зәрүрлигин, егер өз ўақтында шараят жаратып берилмесе, ҳәр қандай талант та сөнип қалыўы мүмкинлигин жақсы аңлаймыз.

Мине, Темурийлер дәўирин еслейик, Ғазнавийлер, Хорезмшаҳлар, Наўайылар заманын ядқа алайық. Егер мәмлекет тәрепинен итибар ҳәм қәўендерлик болмаса, дөретиўшилик орталық жаратып берилмесе, уллы алымларымыздың потенциалы бул дәрежеде жарқын көзге тасланбас еди.

Бүгин мәмлекетимиз илим, тәлим-тәрбия, мәдениятты раўажландырыў ушын қанша күш, қанша қаржы керек болса, ҳәммесин табамыз. Қандай имканият зәрүр болса ­ жаратамыз.

Айырым адамлар, пандемия дәўиринде усы гәплер зәрүр ме, деп ойлаўы да мүмкин. Бундай тар көзқарас пенен жасайтуғын адамлар жаңылысады. Қудай қәлесе, коронавирус пандемиясы да ерте ме-кеш пе, әлбетте, тарийхқа айланады.

Бул кеселлик басланған март айында-ақ биз усы аўыр сынақтан мүнәсип тәризде, және де күшли болып өтиўимиз керек, деп өз алдымызға үлкен ўазыйпа қойған едик. Бүгин мине усы мақсетлеримиз әсте-ақырын әмелге аспақта. Биз бәршемиз уллы бабаларымыздан ибрат алып, оларға мүнәсип болып, бәрқулла ийгиликли арзыў-нийетлер менен жасаўымыз керек.

Бүгинги пурсаттан пайдаланып, мен жыл басында Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжаттағы бир пикирге итибарыңызды қаратыўды орынлы, деп билемен. Яғный: «Ең үлкен байлық ­ бул ақыл-парасат ҳәм илим, ең үлкен мийрас ­ бул жақсы тәрбия, ең үлкен жарлылық ­ бул билимсизлик».

Шынында да, бүгин биз уллы нийетлер менен тырнақ қойып атырған жаңа Ояныў дәўири мәмлекетимизде мине усындай үлкен байлық жаратыўға, халқымыздың турмысын абадан етиўге ҳәм келеси әўладларға өзимизден мүнәсип мийрас қалдырыўға хызмет етеди.

Өз тарийхында не-не уллы ислерди абырай менен әмелге асырған халқымыздың интеллектуал ҳәм мәнаўий потенциалы, күш-қүдирети ҳәм мәртебели пазыйлетлерине таянып, өз алдымызға қойған уллы ҳәм ийгиликли мақсетлеримизге әлбетте, ерисемиз, деп исенемен.

Әзиз муғаллимлер, ҳүрметли устазлар!

Мен жаңа Өзбекстанды ­ абат ҳәм абадан, демократиялық мәмлекетти қурыўда сиз, ҳүрметли педагогларды, профессор-оқытыўшыларды өзим ушын ең үлкен күш, таяныш ҳәм сүйениш, деп билемен. Сизлердиң шешиўши әҳмийетке ийе болған хызметлериңизди қоллап-қуўатлаў, сизлер ушын мүнәсип мийнет ҳәм турмыс шараятын жаратып бериўди Президент сыпатында өзимниң муқаддес миннетим, деп есаплайман.

Сизлерди қутлы байрамыңыз бенен және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге саў-саламатлық, бахыт-ығбал, жуўапкершиликли ҳәм мәртебели жумысларыңызда табыслар, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.

Бәрқулла перзентлериңиз, шәкиртлериңиз, ел-журтымыз ҳүрмети ҳәм ардағында болыў бахты несип етсин, әзиз устазлар!

Итибарыңыз ушын рахмет.

 

ӨзА