Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри орынбасары М.Рахматуллаев тәрепинен Қоңырат ҳәм Қанлыкөл районлары ИИБларының ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўдеги әмелге асырып атырған жумыслары және көрсетпелердиң орынланыўы үйренилди. Бул ҳаққында Тергеў департаменти хабар берди.

Министр орынбасары М.Рахматуллаев Қоңырат районындағы «Хан-жап» АПЖның белсенди турғынлары менен биргеликте усы жылдың 13-сентябрь күни саат 18:00 лерде усы аймақта жасайтуғын 29 жаслы пуқара өз үйинде 52 жаслы әкесин ағаш пенен урып, аўыр дене жарақатын жеткергени бойынша жағдай додаланып, усы жағдайдың келип шығыў себеплери ҳәм оны әмелге асырыўға имканият берген шараятлар үйренилди.

Усы күни министр орынбасары тәрепинен Қанлыкөл районындағы «Жаңа қала» АПЖның белсенди турғынлары менен биргеликте усы жылдың 17-сентябрь күни саат 21:30 ларда 21 жаслы пуқара өз басқарыўындағы «Cobalt» маркалы автомашинасы менен велосипедте ҳәрекетленип баратырған 55 жаслы пуқараны дүгип кетиўи ақыбетинде жәбирлениўши ўақыя орнында қайтыс болғаны бойынша жағдай додаланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.