Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

 

Ўатанымыз тарийхының оғада қурамалы дәўиринде – ХХ әсирдиң басларында өзиниң ағартыўшылық жумыслары ҳәм пидәкерлик хызметлери менен миллий тәлим-тәрбия системасын жаратыў және елимиз ғәрезсизлиги, халқымыздың азатлығы ҳәм еркинлиги, келешек әўладлардың абад ҳәм пәраўан турмысын тәмийинлеўге қосқан бийбаҳа үлесин есапқа алып, төмендегилер «Буюк хизматлари учун» ордени менен сыйлықлансын:

 

Абдулла Авлоний (марҳум) – ағартыўшы жазыўшы, педагог, жәмийетлик ғайраткер

 

Маҳмудхўжа Беҳбудий (марҳум) – Түркстандағы жәдидшилик ҳәрекетиниң тийкарын салыўшылардың бири, жазыўшы, педагог ҳәм илимпаз

 

Мунаввар қори Абдурашидхонов (марҳум) – белгили ағартыўшы устаз, жазыўшы, редактор ҳәм жәмийетлик ғайраткер.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                              Ш.Мирзиёев.