2020-2021-оқыў жылында бакалавриат билимлендириў бағдарларында 1-курс студентлери оқыўды 12-октябрьден баслайды. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бас басқармасының баслығы А.Холиқов мәлим етти.

 

– Жоқары билимлендириўде 2020-2021-оқыў жылын аралықтан оқытыў тәризинде басладық. Биринши курс студентлери ушын да оқыў жылы аралықтан оқытыў тәризинде басланады. Биринши курсқа усыныс етилген студентлердиң ҳүжжетлери толық рәсмийлестирип болынғаннан соң 12-октябрьден баслап жоқары оқыў орынларында 3 күннен 2 ҳәптеге шекем танысыў сабақлары шөлкемлестириледи. Бул танысыў сабақлары карантин қағыйдаларына толық әмел еткен ҳалда аудиторияға 50 проценттен көп болмаған студентлерди киргизип, карантин талаплары тийкарында шөлкемлестириледи, – деди А.Холиқов.

 

Мәлим етилиўинше, студентлер турақ жайларына студентлер орналастырылмайды. Узақ аймақлардан Ташкенттеги жоқары оқыў орынларына оқыўға кирген студентлер ушын сол аймақтағы жоқары оқыў орнының материаллық-техникалық базасынан пайдаланған ҳалда аймақтағы жасларды жыйнап, танысыў сабақлары шөлкемлестириледи. Бунда узақ аймақларға Ташкент қаласынан жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары барып, танысыў сабақларын өтеди. Танысыў сабақлары күнине 2 жуплықтан артық болмаған ҳалда, жуплықлар арасында 10 минутлық тәнепис болады.

 

– Бул сабақларда жаңадан қабыл етилген студент жоқары оқыў орны ҳәм ондағы оқытыўшылар ҳәм сабақ кестелери менен таныстырылады. Бул жерде 1-курсқа қабыл етилген студентлердиң аралықтан билим алыў көнликпесин қәлиплестиремиз, – деди А.Холиқов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.