Түнекте нур таратыўшы жулдызлар,

Ерген изиңизден сан-мың ул-қызлар,

Сол себеп тилимде мәңги жырсызлар,

Билим сандығының гилти устазлар.

 

Мәўсим таңламаған ҳәттеки ўақыт,

Шәкирт жолын тапса сиз ушын бахыт,

Елдиң келешегин ойлап ҳәр ўақыт,

Қатарда нар болып жүрсиз устазлар.

 

Қәлбиңди бийлеген аппақ сезимлер,

Қәддиңе жарасқан сабыр-төзимлер,

Сизди ҳеш ким жатырқамас өзим дер,

Жүрегине жақын тутып устазлар.

 

Елге өрнек басқан ҳәр бир қәдемиң,

Шәкиртлердиң жаўлап кеўил әлемин,

Қолға тутып, билим, өмир қәлемин,

Бахытқа жол көрсетиўши устазлар.

 

Раўаж Отарбаев.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.