Соңғы жылларда елимизде жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды талап жоқары болған кәсиплерге және исбилерменликке оқытыў ҳәм өз бизнесин жолға қойыўы ушын жәрдем бериў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул жумысларды системалы түрде әмелге асырыў мақсетинде ҳәр бир пуқаралар жыйынында жумыссыз ҳәм бағыўшысын жоғалтқан ҳаял-қызлар бойынша «Темир дәптер» жолға қойылып, жаңа тәртиптеги мәнзилли жумыслар исленбекте. Ең тийкарғысы усы дәптерге киргизилген ҳәр бир ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары көрилип, олар турақлы дәрамат дәрегине ийе болғаннан кейин ғана «Темир дәптер»ден шығарылмақта.

Нөкис районындағы «Бақаншақлы» АПЖда қәлиплестирилген «Темир дәптер»ге 30 ҳаял-қыз киргизилген. Олар усы күнлери пахта жыйын-терими жумысларына белсене қатнасып, мәмлекетимиз қырманына үлес қоспақта.

Кеше Нөкис районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен усы АПЖдағы «Раметуллаев Оралбай» фермер хожалығының пахта атызларында арнаўлы илаж шөлкемлестирилди.

Илажда ең көп пахта терген теримши ҳаял-қызлар анықланып,  хошаметленди. Олардың арасынан А.Узақбергенова күнине 90 килограммнан пахта терип «Ең белсенди теримши»ге айланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги