Жаслар ислери агентлиги Қараөзек районлық бөлими тәрепинен белсенди жаслардан ибарат «Пидайы жаслар» теримшилер отряды шөлкемлестирилди.

Бундағы тийкарғы мақсет – быйылғы пахта жыйын-терими мапазыда район жасларының қатнасыўын тәмийинлеў, жумыссыз жаслардың мәўсимлик бәнтлигин тәмийинлеў арқалы олардың шаңарақ дәраматын көтериў мақсетинде район орайынан

Бүгинги күнде бул отрядқа 70 тен аслам жас қамтып алынған болып, ҳәр бири күнине орташа 100-120 килограмм пахта терип, район аймағындағы фермер хожалықларына әмелий жәрдем көрсетпекте.

Агентлик тәрепинен мәўсим даўамында теримши жасларды ҳәр тәреплеме хошаметлеў илажларын өткериў режелестирилген.

   *   *   *

Шоманай районлық прокуратура уйымы ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими хызметкерлери райондағы «Ибрайым қандекли» фермер хожалығындағы теримшилер менен ушырасып, алдынғы теримшилерге естелик саўғалар тапсырды.

– Районымыз жаслары пахта жыйын-териминде белсендилик көрсетпекте,-дейди Жаслар ислери агентлиги Шоманай районлық бөлиминиң баслығы М.Нарбаев.  – Жас теримшимиз Гүлбаныў Мўңгалова ҳәр күни 120-130 кг, ал жас шаңарақ ийеси Жумабаев Баҳадыр өмирлик жолдасы менен бирге 190-200 кг. пахта терип,  бир жағынан районның пахта қырманына өз үлесин қосса, екинши жағынан өзлериниң мийнети пенен бәнтлигин тәмийинлеп, шаңарақларына дәрамат келтирмекте.

Сондай-ақ, Шерзат Қурбанбаев, Жанибек Абдиреймов, Улдаўлет Султашова, Жайна Оразбаева, Маржанай Жақсыликова, Заҳида Абдирасулиева, Маҳида Абдирасулиевалар  алдынғы теримшилер қатарына ериспекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги