Бүгин Қарақалпақстан мусылманлар қазыяты қазысы Шамсутдин Баўатдинов Тахтакөпир районына барып  район ҳәкими Жамбул Адилов ҳәм районның бас имамы Бахберген Надировлар менен бирге райондағы «Дәўқара» АПЖ аймағында болды.

 

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул аймақта  аўыл ақсақаллары ҳәм белсендилери менен биргеликте мешит қурылатуғын орын белгиленди ҳәм мешиттиң биринши қазығы қағылды. Басланған бул қайырлы ҳәм саўаплы иске қуран тилаўат етилип, жәмәәт пенен жақсы тилеклер тиленди.

 

Соң усы жәмәәт пенен райондағы «Мүлик» аўыл пуқаралар жыйыны аймағына барып, аўыл халқы менен биргеликте бул жерде қурылысы басланып атырған жаңа мешиттиң дәслепки гербишлери қойылды.

 

Аўыл халқын қуўанышқа бөлеп, қурылысы басланып атырған бул мешитлер халқымыздың жақсы нийетлерин қабыл етиўши, ата-бабалар руўҳын шад әйлеп, мусылманшылық парызын орынлаўға хызмет ететуғын уллы дәргай  болатуғынына исенемиз, – деп жазылған хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.