1) Исбилерменлерге «Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық белгиси» бериледи

 

Исбилерменлерге олардың жумыслары санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳәм гигиеналық нормативлерге сәйкеслигин үйрениў және анализлер нәтийжелерине тийкарланып «Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық белгиси»н бериў әмелияты енгизиледи.

 

Белги Санитариялық-эпидемиологиялық хызмет тәрепинен үш түрдеги – «жасыл», «сары» ҳәм «қызыл» категориялар бойынша 12 ай мүддетке шекем бериледи.

 

«Жасыл» категориядағы белгиге ийе болған исбилерменлердиң жумыслары Санитариялық-эпидемиологиялық хызмет уйымлары тәрепинен үйренилиўи ҳәм тексерилиўине жол қойылмайды (ғалабалық зәҳәрлениў ҳәм топарлы кеселликлер дизимге алынған жағдайлар буған кирмейди).

 

2) Жер участкаларына болған ҳуқықларды нәзерде тутатуғын қарарлар, аукцион ҳәм таңлаў протоколлары, нотариаллық тастыйықланған келисимлер және басқа ҳүжжетлер Миллий географиялық мәлимлеме системасында мәмлекетлик дизимге алынғаннан кейин күшке киреди.

 

Миллий географиялық мәлимлеме системасы юридикалық ҳәм физикалық тәреплерди кадастр мағлыўматлары менен жедел түрде тәмийинлеў имканиятын береди.

 

3) Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў және виношылықты раўажландырыў агентлиги тутыныўшы ҳәм техникалық этиль спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалар және алкоголь өнимлериниң көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы менен шуғылланатуғын шөлкемлердиң нызамға қайшы жумыслары ҳаққында мағлыўмат болғанда, арнаўлы ўәкилликли уйымды хабардар еткен ҳалда тексериўлерди әмелге асырыў ҳуқықына ийе болады.

 

4) Бюджет ҳәм корпоратив буйыртпашылар басшылары сатып алыныўы нәзерде тутылған товарлар дизимин қәлиплестириўде оларды cooperation.uz порталында дизимге алынған жергиликли ислеп шығарыўшылардан сатып алыў имканиятын мәжбүрий тәртипте үйренеди.

 

Бунда кәрханалардың басшылары жергиликли ислеп шығарыўшылардан сатып алыў имканияты болмаған жағдайда импорт арқалы товарлар сатып алыныўының мақсетке муўапықлығын бақлаў кеңеслерине тийкарлап береди.

 

5) Мәмлекет қатнасыўындағы хожалық басқарыўшы субъектлердиң, сондай-ақ, олардың афилленген тәреплериниң ҳәм хожалық жумысларын әмелге асырыў ўәкилликлери берилген мәмлекетлик мәкемелердиң (қорғаныў қәбилети ҳәм миллий қәўипсизлик мақсетлери буған кирмейди) шөлкемлестирилиўине төмендеги жағдайларда жол қойылмайды:

 

– бир товар базарында бесеў ҳәм оннан аслам жеке меншик исбилермен жумыс алып барып атырған тараўларда;

 

– мәмлекетлик уйымлар тәрепинен өзлерине лицензиялаў, дизимге алыў, аккредитациядан өткериў ҳәм рухсат бериў ўәкиллиги берилген тараўларда.

 

6) Мәкемелерге тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыў, келисиў, қабыл етиў, ҳуқықый экспертиза ҳәм мәмлекетлик дизимге алыў толық түрде Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыў ҳәм келисиўдиң бирден-бир электрон системасы арқалы әмелге асырылады.

 

Бул система 2020-жыл 1-июльдан баслап сынақ тәризинде әмелге асырылмақта.

 

7) Исбилерменлер ушын және бир жеңиллик

 

Қуўатлылығы 140 киловаттқа шекемги болған электр үскенелерин тармаққа жалғаўға сарпланатуғын қәрежетлер исбилерменлердиң қәлеўине қарай мәмлекетлик хызметлер орайларына техникалық шәртлерди алыў ушын мүрәжат етиў менен бир ўақытта берилген сораўнамасына муўапық «Аймақлық электр тармақлары» АЖ қаржылары есабынан әмелге асырылады.

 

Бул қаржылар кейин ала исбилерменлер пайдаланған электр энергиясы баҳасына қосылатуғын үстемелер есабынан 1 жыл даўамында өндирип алынады.

 

8) Республикалық бюджет қаржылары ҳәм Республикалық мақсетли китап қоры қаржылары есабынан билимлендириў мәкемелери ушын сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық комплекслерди баспадан шығарыўда баҳаларды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў бийкар етиледи.

 

9) Халықты дән өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм баҳалардың кескин өзгериўиниң алдын алыў мақсетинде интервенциялық сатып алыў системасы басқышпа-басқыш енгизиледи.

 

Бунда:

 

– 2021-жыл зүрәәтинен баслап дән ушын мәмлекетлик буйыртпа көлеми басқышпа-басқыш кемейтиледи, масақлы дән сатып алыў ҳәм сатыўда еркин бәсекини тәмийинлейтуғын базар механизмлери енгизиледи;

 

– азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын мәмлекетлик буйыртпа системасынан мәм мәмлекетлик резервтен пайдаланыўға өтиў бойынша механизм ислеп шығыў нәзерде тутылады.

 

10) Акциз салығы ставкалары муғдарлары өзгереди

 

Өзбекстан ислеп шығарылатуғын (хызмет көрсетилетуғын), акциз салығы салынатуғын товарлардың (хызметлер) айрым түрлерине акциз салығы ставкалары көтериледи.

 

11) 2020-жыл 1-октябрьден баслап:

 

– мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкеми лицензия алғанынан кейинги лицензия талаплары ҳәм шәртлериниң бири – «Мәмлекетлик емес билимлендириўди басқарыў мәлимлеме системасы»на киргизиў ушын тийисли мағлыўматнамаларды Билимлендириў сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясына усыныўы болып есапланады;

 

– бул системада мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкеми, оның билим алыўшылары, педагоглары ҳәм тәлим-тәрбия процеси ҳаққындағы исенимли мағлыўматтың лицензия алынғаннан баслап 30 күн даўамында жоқлығы – лицензияның әмел етилиўин тоқтатыў ямаса сапластырыў ушын тийкар болады;

 

– кадрларды таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша мәмлекетлик емес билим алғаны ҳаққындағы мәмлекетлик үлгидеги ҳүжжет бланкаларын бергени ушын базалық есаплаў муғдарының 10 проценти муғдарында жыйым енгизиледи.

 

12) Ишимлик суўы хызметлери ушын баҳалар жергиликли Кеңеслер тәрепинен көрип шығылады

 

Суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлери ушын тәртипке салынатуғын баҳалар монополияға қарсы гүресиў ҳәм баҳаларды тәртипке салыў уйымларының шешимлери алынып, жергиликлик Кеңеслердиң қарары менен мақулланғаннан соң тастыйықланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.