ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Сиясий билимлендириў» орайы тәрепинен видеоконференц байланыс тәризинде семинар шөлкемлестирилди. Семинарда партияның район (қала)лық Кеңеслериниң жуўапкер хызметкерлери, депутатлар, басланғыш партия шөлкемлериниң ағзалары ҳәм партия белсендилери қатнасты.

Семинарда Президентимиздиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы 75-сессиясындағы баянатында алға қойылған басламалар ҳәр тәреплеме додаланып, алда турған ўазыйпалар белгилеп алынды.

Онлайн семинарда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқытыўшысы А.Абатов ҳәм Жаслар парламентиниң ағзасы Д.Сәрсенбаевлардың баянатлары тыңланды.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң шығып сөйлеўинде тийкарғы ҳәм  әҳмийетли халықаралық басламалар алға қойылып, соннан Орайлық Азия регионының глобал экономикалық, транспорт ҳәм транзит жолларының терең интеграциясын тәмийинлеў, Аўғанстанда тынышлық орнатыў, Арал апатшылығы ҳәм ҳәзирги дәўирдиң ҳәр қыйлы экологиялық машқалаларын шешиў зәрүрлиги, дүньяның ири базарларына шығыў имканиятын беретуғын транспорт-коммуникация жолларының көп вариантлы системаларын қәлиплестириў бойынша ири жойбарларды әмелге асырыў туўралы әҳмийетли идеялар ортаға тасланды.

Жаслар ушын «Жаслар ҳуқықлары ҳаққында»ғы БМШ конвенциясын қабыл етиў бойынша Өзбекстан басламасын қоллап-қуўатлаўға шақырыўы елимиз жасларына болған және бир итибар екенлигинен дәрек береди.

Семинар даўамында Президентимиздиң усы шығып сөйлеген сөзлери тийкарында ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитети тәрепинен ислеп шығылған илажлар режесиниң орынланыўы бойынша ўазыйпалар белгиленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги