Жаңа туўылған нәресте – жаңа бир өмир. Көпшилик шаңарақлар бала қанша аўыр салмақ пенен туўылса, сонша саламат болады, деп ойлайды. Бул дурыс пикир ме?

 

Сораўға медицина илимлериниң докторы, профессор М.Расулова төмендегише жуўап берди:

 

«Жаңа туўылған нәрестениң салмағы 2,5 килограмнан 4 килограмға шекем болыўы керек. Ҳәмилениң өспей қалыўына көплеген себеплер болыўы мүмкин. Мәселен, жатыр иши инфекциясы, туўма кемшиликлер, генлик факторлар, қанның қойыўласыўы ҳәм басқалар. Ҳәмиле салмағының артып кетиўи көбинесе ата-ананың медициналық жағдайына, олардағы метоболик өзгерислер, әсиресе, ҳәмиледарлық ўақтында қантлы диабеттиң раўажланыўына байланыслы. Буны нормалластырыў ушын олар кеселликти келтирип шығаратуғын қәўип факторларынан өзлерин сақлаўы ҳәм өз ўақтында емлениўи керек».

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.