Өзлериниң анық мақсетлерине ерисиў ушын белгили  бир бағдарды таңлап алған абитуриентлер ушын тест нәтийжелери жәрияланды.

Cтудент болыў – ҳәр бир жастың әрманы. Он бир жыл билим берип, жоқары көрсеткиш пенен жоқары оқыў орынларына кирип, студент болыў бахтына ерискен, шәкиртиниң жетискенлигин көриў ҳәр бир устаз ушын қуўанышлы ўақыя.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң берген мағлыўматына қарағанда, быйылғы оқыў жылында Әмиўдәрья районындағы 56-санлы улыўма орта билим бериў мектеби  33 оқыўшы питкерген болса, соннан 27 си (82Sти), Елликқала районындағы 13-санлы улыўма билим бериў мектеп-интернатының 53 оқыўшысынан 45 си (85Sти) жоқары оқыў орнына оқыўға кирип, студент болыў бахтына миясар болды.

Бул болса, 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамына мүнәсип саўға болды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы