Бурын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Гулнара Маъруфова мәҳәлле системасында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде республикамыздың бир қатар районларында болып, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға жаратылған шараятлар менен танысып, мәҳәлле баслықлары ҳәм орынбасарларының жумысларын үйренип, қолға киргизилген жетискенликлер, жол қойылған кемшиликлер бойынша өз пикир-усынысларын билдирип өтти.

Г.Маъруфованың Шоманай районына болған хызмет сапары «Эко-текстил» кәрханасы менен танысыўдан басланды. Бул жерде жумысшы ҳаял-қызлар ушын жаратылған шараятларды үйренди. Соң бир гектар майданға гидропоника усылында қурылған теплицада ислеп атырған ҳаял-қызлар менен ушырасып, карантин қағыйдаларына әмел етиў бойынша өз усынысларын билдирип өтти. Бул теплицада 14 ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленген болып, олардың үшеўи «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген.

Кейинги мәнзил «Тазабазар» ҳәм «Наўрыз» мәкан  пуқаралар жыйынлары болды. Бул жерде пуқаралар жыйыны баслығы ҳәм оның орынбасарлары менен  сәўбетлесип, белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысты. «Тазабазар» мәкан пуқаралар жыйынында қәлиплестирилген «Ҳаял-қызлар  дәптери»не киргизилген 23 ҳаял-қыздың 21и мәўсимлик жумысларға қамтып алынған.

Ең тийкарғысы, дәптерге киргизилген ҳәр бир ҳаял-қыздың қатаң дизими тийкарында бәнтлигин тәмийинлеў иләжларын көрип, оларды турақлы дәрәмат дерегине ийе болғаннан кейин ғана «Ҳаял-қызлар дәптери» нен шығарыў, егер зәрүрлик болғанда жумысқа мүтәж болған басқа ҳаял-қызлар киргизилиўине айрықша итибар қаратылыўы тийис екенлиги түсиндирилди.

Буннан соң, райондағы «Айбүйир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы, «Темир дәптер»ге киргизилген З.Ешназарованың шаңарағына барып, шаңарақ ағзалары менен ушырасты. Усы шаңарақтың социаллық жағдайын жақсылаў, үйде отырып өзин-өзи бәнт етиў, кондитер өнимлерин писирип шаңарағына дәрәмат келтириўи ушын оларға электр духовкасы саўға етилди.

Хызмет сапары даўамында Шоманай районы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими имәратында жаратылған шараятлар менен танысып, мәҳәлле системасында әмелге асырылып атырған жумыслар, қабыл етилген пәрмән ҳәм қарарлардың мәнис-мазмуны ҳәм орынланыў барысы туўралы сәўбетлести.

Район ҳәкими менен пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасын жақсылаў, «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша өз-ара пикир алысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги